Ғәрезсизлик жилларинда миллий қәдириятларди тиклеў, тарийхимизди қалис ҳәм дурис үйрениў, әзиз инсанлар ядин қәстерлеў, мәденият ҳәм көркем-өнеримиз раўажланиўина үлес қосқан дөретиўшилер хизмети, олардиң бай руўхий мийрасин изертлеў, кең түрде жәриялаў ҳәм үгит–нәсиятлаў, тарийхий әдилликти қарар таптириў бағдаринда кең көлемли жумислар әмелге асирилди.

Атап айтқанда, 2001-жилдан берли Өзбекстанда 31-август Қатаған қурбанлари еске алиў күни сипатинда кең белгиленеди. Себеби, мәмлекетимиз тарийхинда бийгүна адамлардиң қани менен жазилған бетлери көп. Бул Түркистанниң ХИХ әсирде басип алиниўи, өткен әсирдеги жадидлер ҳәрекетиниң аяўсиз сапластирилиўи, 30-50–жиллардағи қорқинишли қатағанлар, 80-жиллардағи пахта иси ҳәм басқалар.

Уси оринда өткен әсирдиң 20-жилларинда жасларди илим алиўға бағдарлаған қайирли жумисларди еслетип өтиўди лазим деп таптиқ. Бул дәўирде Бухарада халиқ республикаси дүзилди. Жаңа турмис, жаңа арзиў–үмитлер менен пайда болди. Уси пайитлари Түркистан үлкесинде улли бир ағартиўшилиқ ҳәрекет басланди. Колониаллиқ дүзим себепли раўажланиўдан артта қалған Түркистан халқи заманагөй илим-пән сирларин үйрениўге киристи. Усиндай мақсетте халқимиздиң ең қәбилетли перзентлери таңлап алинип, Европаниң раўажланған мәмлекетлерине оқиўға жиберилди. Бул тарийхий иске атақли мәмлекетлик ҳәм жәмиетлик ғайраткерлер Файзулла Хожаев, Мунаввар қори, Фитрат, Саидносир Миржалилов, Чўлпон сияқли зиялилар бас қости.

Журтимиздан оқиўға жиберилген 70 ке жақин жаслар Германияниң Берлин, Дрезден, Бон, Хайделберг, Дармштадт сияқли қалаларда машинасазлиқ, электротехника, химия, тоқимашилиқ санаати, аўил хожалиғи, медицина, тарийх, философия, педагогика, генетика, инженерлик тараўлари бойинша билим алди. Себеби, Түркистан усиндай қәнигелерге жүдә мүтәж еди.

ХХ әсирдиң басларинда жас жүреклери сап арзиў-үмитлер менен толип–тасқан, алис Германияға илим ҳәм бахит излеп кеткен жигит-қизлардиң бир топари ўатанина қайтти. Бирақ, немец журтинда оқип келген түркистанли жаслардиң көпшилиги Сталин репрессиялариниң қурбани болди. Германияда оқиўин даўам еттирип атирған екинши топар болса бул қорқинишли ўақиялардан хабар таўип, албираўшилиқ ҳәм қайғиға түсти. Бухара ҳүкимети жиберип турған стипендиялар, жәмиетлер тәрепинен берилип атирған материаллиқ жәрдемлер пүткиллей тоқтап қалди. Түркистанли жаслар усиндай аўир шараятларда да оқиўин даўам еттирди. Қийиншилиқ ҳәм машақатларди жеңип, оқиўин тамамлайди. Бирақ, Ўатанда оларди алғис ҳәм гүлдәстелер емес, тикенли симлар күтип турған еди. Олар ашиниў ҳәм ҳүждан азаби астинда ана журтин қойип, шет еллерге, атап айтқанда Түркияға кетиўге мәжбүр болади. Иброҳим Ёрқин, Тоҳир Чиғатой, Аҳмаджон Иброҳимов, Абдуваҳоб Муродий, Абдумажид Иброҳимов, Саттор Жаббор, Хайринисо Мажидхонова, Саида Шераҳмедова, Марям Султонмуродова ҳәм басқалардиң өмири ҳәм хизметлери, 30-жиллардағи аўир тәғдири пикиримиздиң айқин дәлили.

Усилай етип, 30-жиллардиң екинши яриминда Өзбекстанда басланған қанли террор ақибетлеринде Германияда оқип қайтқан жаслар немец-фашист жансизлари, ўатан сатқинлари сияқли жалған айиплаўлар менен атип тасланди. Сониң менен олардиң республикамиз экономикаси, хожалиғи, илим-пән ҳәм мәдениятиниң раўажи жолинда алип барип атирған пидакерлик мийнетлери жоқ етилди, олардиң атларин тилге алиўға жол қойилмади, ҳәттеки, ағайин-жақинлари да узақ қуўдалаў ҳәм басимнан қутила алмади. Түркия ҳәм Германияда қалип кеткен жасларға да ўатан сатқинлари сипатинда мүнәсибетте болинди. Тарийхимизға ақ дақ болип түскен 30-50–жиллардағи қатаған қаншадан–қанша ҳадал инсанлардиң өмирине заўал болди. Әсиресе, колониаллиқ дүзим басқариўина қарси пикир билдирген миллий дөретиўши зиялилардиң бир қатар ўәкиллери–Мунаввар қори Абдурашидханов, Асадулла Хожаев, Ашурали Зоҳирий, Элбек, Абдулла Қодирий, Чўлпон, Фитрат, Отажон Ҳошимий, Усмон Носир ҳәм басқалар қатаған қурбани болған. Солай етип, кеңэс дүзими, қатағанлар жәрдеминде орнатилған тәртип күшейтилди, ол наразилиқ ҳәм басламашиларди күш пенен жоқ етти, инсаният ҳәм демократияни аяўсиз аяқ асти етти.

Екинши жер жүзилик уристиң қарсаңинда ҳәм уристан кейинги жилларда да миллет пидайилариниң басинан қара булитлар айирилмади, көпшилиги наҳақ айиплаўлар арқасинда қурбан болди. Мәдениятимиздиң атақли ғайраткерлери, Абдулла Қаҳҳор, Миртемир ҳәм Туроб Тулаға қара жағилди. Мақсуд Шайхзода, Мирзакалон Исмоилий, Шухрат, Шукрулло, Саид Аҳмад сияқли әдебияцҳилар, Ҳамид Сулаймон, Муҳиддин қори Ёқубов, Сулаймон Азимов, Тўхтасин Жалилов ҳәм басқа да алим, көркем–өнер ўәкиллери өз өмириниң белгили бир жилларин қамақханаларда өткерди. Ойбек редактори болған «Шарқ юлдузи» журнали өз алдина синға уширади. Ол космополитизм, сиясацизлиқ, тәртипсизликлерди келтирип шиғаратуғин шиғармаларди басип шиғариўда айипланди. 1937-1939-жиллардиң өзинде Өзбекстан ССР Ишки ислер халқ комиссарлариниң үшликлери тәрепинен 41 миңнан зият адам қамалди. Олардан 37 миңнан артиғи судланди, 6 миң 920 си адам атип тасланди. 1939-1953–жилларда болса 61 миң 799 зият адам қамалди. Олардан 56 миң 112 си түрли мүддетлерге азатлиқтан айирилди. 7 миң 100 болса атип тасланди.

Низамға қайши рәўиште жинайий жуўапкершиликке тартилғанлар арасинда алимлар, әскерийлер, зиялилардан тартип әпиўайи жумисшилар, дийқанлар, ҳәттеки өнерментлерди де табиў мүмкин еди. Ғәрезсизликке ерискенге шекем қатағанниң қорқинишли толқини ҳәр дайим қалқип турди. Бул бойинша 1980-жилларда да жалған айиплаў ҳәм тоқималар арқали «өзбек иси» тамғаси менен халқимиздиң басина түскен қара күнлерди умитип болмайди. Гдлян ҳәм Иванов басшилиғиндағи буринға аўқам прокуратураси тәрепинен «өзбек иси», «пахта иси» сияқли жалған айиплаўлар уйимластирилди. Өзбек халқи ашкөзлик, жағимпазлиқ, бөрттириўшлик ҳәм басқа да ислер менен айипланди. Бир ғана «пахта иси» бойинша республикамиздиң 25 миңға жақин адами суд ҳәм тергеўсиз қамаққа алинди.

Бүгин мәмлекетимиз басшиси тәрепинен алип барилип атирған әдил миллий сиясат нәтийжесинде тарийхий ҳақийқат тикленгенин, тинишлиқ ҳүким сүрип атирған мәмлекетимизде инсан яди ҳәм руўхий қәдириятларға үлкен итибар қаратилип атирғанин айириқша атап өтиў лазим. Бул перзентлеримиз ушин әҳмиетке ие өрнек болип хизмет етеди. Өзбекстан ғәрезсизлик жилларинда, ҳақийқаттан да, инсан, ониң тәғдири, еркинлиги, ар–намиси ҳәм қәдир–қимбати улиғланған мәмлекетке айланди.

 

Ғайратулла ШУКУРОВ,

өз хабаршимиз.

Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.