Жаңа Өзбекстан-абат ҳәм пәраўан, демократиялиқ мәмлекетимизди қуриўда жасларимиздиң айириқша орни бар. Олар ўатансүйиўшилиги, билимданлиғи, күш-ғайрати, басламашлиғи менен улиўма алғанда Үшинши Ренессанс жаратиўшилари. Себеби, елимизде жасларди заманагөй билим ҳәм тәжирийбелер, миллий ҳәм де улиўма инсанийлиқ қәдириятлар тийкаринда ғәрезсиз ҳәм терең пикирлейтуғин, унамли пазийлетлер иеси болған инсанлар етип жетилистириўге қаратилған реформалар негизинде де усиндай улли мақсетлер жәмленген.
Ағартиўшилиқ-адамлардиң аңи, билими ҳәм мәдениятин арттириўға қаратилған тәлим-тәрбия. Ол тәбият, жәмиет ҳәм инсан ҳаққиндағи түрли билимлер, мағлиўматлар жийнағин да билдиреди. Ағартиўшилиқ илим мәнисинде де ислетиледи. Ағартиўшилиқ руӯхий бойсиниӯшилиқти сапластиради, инсанға күш–қүдирет бағишлайди. Ол адамларди аңсизлиқтан қутқаради., жаманлиқтан қайтаради, жақси әдеп-икрам иеси болиўға жәрдем береди. Ағартиўши инсанлардан қуралған жәмиет раўажланади, келешеги айдин болади. Ағартиўшилиқти турмисқа сиңдириў билимлендириў системаси арқали әмелге асирилади. Суфизмде ағартиўшилиқ руўхий кәмилликке ерисиўдиң тийкарғи басқишларинан бири сипатинда қаралади.
Пүткил дүняда жаслар ҳәр бир мәмлекеттиң сиясий, экономикалиқ ҳәм социаллиқ байлиғи, жер жүзинде абат турмис ҳәм турақли раўажланиў болиўи ушин жаңа идеялар ҳәм дөретиўшилик руӯхтағи әмеллерди иске асиратуғин тийкарғи күш есапланар екен, олардиң ағартиўшилиғи ҳәмийше итибар орайинда болип қала береди. Ҳәзирги күнде мәмлекетимиз жасларин мийнет базаринда талап жоқари болған заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў, жәҳәндеги жасларға үлги болатуғиндай гөззал тәрбия ҳәм билим бериў, баслама ҳәм илимий умтилислари жүзеге шиғариў бағдаринда да әҳмиетли қәдемлер тасланди. Қәбилетли жасларди қоллап-қуўатлаў мақсетинде Президент мектеплери, Темурбеклер мектеби, дөретиўши ҳәм қәнигелескен мектеплер жумиси жолға қойилди. Ҳәр жил миңлаған питкериўшилер мектеплерди алтин, гүмис медаллар менен питкерип атир. Жоқари оқиў оринларина кириў имтиханларина ең жоқари балл топлаған 200 жигит-қизлар ушин Президент гранти енгизилди. Жеңиллетилген тәлим кредитлери ажиратилип, халиқаралиқ тәлим бағдарламалари бойинша ең жоқари балларди топлаған қәбилетли жасларға айириқша итибар берилмекте. Жас алимлар ушин таңлаўлар, грант қаржилари, стартап жойбарлар, жоқари оқиў оринларинда оқиўин көшириўдеги өзгерислер, қолай тест процесслери, бир ўақиттиң өзинде 5 ЖОО да билимин синап көриў имканияти жаратилмақта.
Хош, жаслардиң билими, руўхий дүняси ҳәм дүня қарасин жетилистириўде тийкарғи дерек не? Улли шайир ҳәм ойшил бабамиз Алишер Наўайи жазип өткениндей «Китап бийминнет устаз, билим ҳәм руўхий жетискенликке ерисиўдиң ең тийкарғи дәреги» есапланади.
Китап тек ғана билим ҳәм руўхий қуўат берип, инсанди кәмилликке жетеклемейди, бәлки, өмир қағийдалари, жасаў өнерин үйретиўши маяк есапланади. Китап оқиған инсан өзиниң тийкарғи ой-пикирлери, билими, дүняға болған көз-қарасиниң кең екенлиги менен басқалардан ажиралип туради. Буннан көринип турғаниндай, инсанниң билимли, тәрбияли, кәсип-өнерли жетик шахс сипатинда жәмиетте өз орнин табиўи, ҳәм әлбетте бахитли болиўинда китап бийминнет дос. Уси оринда жақси китап ҳәмийше инсан қәлбинде Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улиўма инсанийлиқ қәдириятларға ҳүрмет туйғиларин жетилистирип, жақсилиқ ҳәм қайирли ислерге жетеклейди.
Соңғи жилларда елимизде китапқумарлиққа қаратилип атирған итибар, жаслар ортасинда китап оқиў мәденияти барған сайин кең ен жайип атирғани ҳеш биримизге сир емес. Себеби, ҳәр дайим үйрениў, излениў, жаңалиққа умтилип жасаў, терең пикирлеў, үлкен нәтийжелерди қолға киргизиўде китаптиң ең жақин билимлер ғәзийнеси, деп билген жаслар нурли мақсетлери жолинда сүрникпейди. Бирақ, уси оринда бир ашиқ ҳәм ашши ҳақийқатти тән алмаўдиң илажи жоқ. Яғний, бүгинги күнде китап оқиғанди бир шетке қойип, қимбатли ўақитларин телефон, «Интернет кафе» лерде кеўил ашар ойинларға сариплап атирған жасларда жоқ емес. Дурис, техника әсиринде жасап атирмиз, қисқа ўақит ишинде техникалиқ қураллар және де жетилисип, оларға болған талап күннен-күнге артип бармақта. Уси процесслерде олардиң унамсиз ақибетлери де бар. Ҳәм де бул избе-изликте, ең биринши нәўбетте, жасларға өз тәсирин өткерип атирғани тәшиўишли.
Келешек әўлад тәғдири ҳаққинда қайғирған ағартиўши жадид бабамиз Абдурауф Фитрат «Егер, динге, Ўатанға, малға, жанға, әӯладқа муҳаббатиңиз болса, егер динниң таза болиўи, шәрияттиң раўажланиўи, Ӯатанниң абаданшлиғи, әўладтиң тинишлиғи, жақси ат қалдириўдиң шарасин қәлесеңиз, сизиң жумисиңиз ең әўеле кәсиби билим бериў. Қәбилетлилерди тәлим алиў ушин оқиўға жибериң» деп билдирген пикиринде миллет ҳәм Ўатан келешеги, жаслар тәлим-тәрбияси ушин қаншелли күйиниў менен қатнаста болғанин көриўимиз мүмкин. Ҳәм бул көз-қарастиң мәниси арадан қанша жиллар өце де өз әҳмиетин жоғалтпай келмекте.
Бүгин халиқ аралиқ таңлаӯлар, халиқаралиқ пән олимпиадалари жеңимпазлари, шахмацҳилар, заковацҳилар ҳәм китапқумарлар тимсалинда елимиздиң билимли, миллет мақтанишина айланип үлгерген әзиз перзентлеримиз қатари көбейип бармақта. Жас талант иелери «Мард ӯғлон» мәмлекетлик сийлиғи, «Келешек бунёдкори» меали медали менен сийлиқланбақта. Сондай-ақ, ҳәр жили март айи қарсаңинда бир топар талантли қизларимизға Зулфия атиндағи мәмлекет лик сийлиқ тапсирилип атир.
Еркин пикирин ашиқ айта алатуғин, заманагөй илим-пән ҳәм кәсип-өнерлерди пухта иелеген, өз журти, халқина пидайи, бабалар баслаған қайирли ислерди даӯам еттириӯге илайиқ бул әӯлад ой-санасин жаритқан ағартиӯшилиқ нурлари, олардиң келешеги, ертеңин айдин етип, миллет мақтанишина айланиӯина ҳеш шубҳамиз жоқ. Бунда олар мәмлекетимиз басшиси атап өткениндей «... адамзат өмирде мүнәсип орнин табиӯи, ел-журттиң ҳүрмети ҳәм итибарина сазаӯар болиӯи ушин миллий ҳәм улиӯма инсанийлиқ қәдириятларди иелеп, ҳәр дайим алдиға умитилип жасаӯи, излениӯ ҳәм үйрениӯден ҳасла тоқтамаӯи керек».
Гулноза ТУРҒУНБОЕВА,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
