(14-феврал Захриддин Мухаммад Бабур туӯилған күн)
Захриддин Мухаммад Бабур турмистиң аӯир синаӯларин басинан өткергенде енди ғана 12 жаста еди. Бул жаста тахтқа шиғиӯ, мәмлекетти басқариӯ, халиқти әдиллик пенен жолбасшилиқ етип, мәмлекет шегараларин душпанлардан қорғаӯ…
Бул дәӯирде Мавераннахрдиң социаллиқ турмиси ҳәм сиясий жағдайи ишки келиспеӯшиликлер гирдабина түсип қалған, Сахибқиран Әмир Темур дүзген мәмлекет дағдарисқа жүз бурип, темурий мийрасхорлар мәмлекетти идираӯ ҳалатина келтирип қойған еди. Бабур усиндай бир пайитта Әндижанда турип, Самарқандқа көп мәртебе умтилади. Ониң ниети бабаси Әмир Темур салтанатиниң иеси болиӯ еди. Ҳәм еки рет Самарқандтти иелейди, бул ӯақиялар 1498 ҳәм 1500-жилларға туӯра келеди. Бул арада Мавераннахр аймағинда Шейбанийхан ҳүжимлери ҳәӯиж алади, бирме-бир темурийзадалар қол астиндағи жерлер басип алина баслайди. Бабур илажсиз аӯҳалда Ана журтин тәрк етиӯге мәжбүр болади. 1504-жили дәслеп Хисар, кейин Қабулға жол алади. Ол келешек тәғдирин әйне уси аймақлардан излейди, бул болса аңсат болмайди.
Ҳиндистан әжайип үлке, ол әйем-әйемнен адамлардиң итибарин өзине тартқан. Бул жилӯали үлке Бабурди да қөп ӯақиттан берли қизиқтирип киятирған еди. Бабур 1525-жили Ҳиндистанға 1200 әскери менен жүрис етип, Ибраҳим Лудийдиң 10 000 әскер ҳәм 1000 пилден ибарат армиясина қарси саӯашта жеңиске ериседи ҳәм бул әпсанаӯий үлкениң шиғис бөлегине иелик етеди. Ониң ҳүкимранлиғи дәӯиринде инсанийлиққа тийкарланған әдалатли низамлар шарапати менен Ҳиндистанда сиясий жағдай турақласип, үлке жерлери бирлеседи. Қалалар абаданластирилип, саӯда-сатиқ дурис жолға қойилади. Бабур бағлар жаратиӯға итибар қаратқан әдалатли шах сипатинда танилади. Уси оринда 332 жил даӯам еткен Бабурийлер династияси дәӯиринде Ҳиндистанди абаданластириӯ, онда ҳәзирги күнге шекем атақли болған архитетуралиқ естеликлер, бағлар, китапханалар, кәрӯансарайлар қуриӯ кең түрде жолға қойилғани, сол дәӯирдиң алдиңғи ҳәм зейни өткир алимлари, шайирлари, музика жаратиӯшилари ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлерди жәмлеген жетик бир руӯхий-ағартиӯшилиқ орталиқ пайда болғанин атап өтиӯ оринли.
Улли шах Бабур Ҳиндистанда мәмлекет жумислари менен бир қатарда, өзиниң әдебий-көркем дөретиӯшилигин де даӯам еттиреди. Ониң нәзик қәлбиндеги өткир сезимлери тәкирарланбас шайирлиқ, мәниси толиқ болған прозалиқ шиғармаларина көшеди. Бүгин бизге шекем Бабурдан өзбек тилинде дөретилген бир қосиқлиқ дийӯан, «Бабурнама» (аниқ ати «Вақое»- «Ӯақиялар»), Хожа Ахрор Вали (1404-1490) диң «Волидиа» синиң аӯдарма қосиқ топлами, аруз теориясина байланисли «Муфассал», ислам тақириплари ҳаққинда «Мубаййин», «Музикалиқ илим», «Харб иси», «Хатти Бобурий» шиғармалари жетип келген.
Нәзик кеӯил шайир қосиқлариниң басим бөлегинде болса ониң өз өмириниң кеширимлери ҳәм көринислерине ишаралар сезилерли дәрежеде баян етилген.
Чархнинг мен кўрмаган жабру жафоси қолдиму?
Хаста кўнглим чекмаган дарду балоси қолдиму?
-деп жазилған қатарлар қанша дәртке тола болса, сонша тартимли. Қанша қайғили болса, сонша жақтили. Кеӯиллерге терең батип кететуғин бул қайғили қатарларда ертеңниң, келешектиң жап-жариқ үмитлери жәмленген. Әйне уси тәреплери менен Бабур бәйтлери қәдирли ҳәм инсан руӯхиятина жақин.
Шах ҳәм шайир дөретиӯшилигиниң және бир әҳмиетли темаси Ӯатанға мухаббат туйғиси, журт сағиниши, оған қайтиӯ үмити болғанин уси қатарлардан аңлаӯ қийин емес.
Толъэ йўқки жонимға балолиғ бўлди,
Ҳар ишники, айладим-хатолиғ бўлди.
Ўз ерни қўйиб, Ҳинд сари юзландим,
Ё Раб, нетайин, не юз қаролиғ бўлди?!
«Бабурнама»-Бабурдиң бас шиғармаси. Бул шиғармада Бабурдиң басинан кеширгенлери, жол қойған қәтеликлери, қайғи-кеширмелери, жеңис ҳәм жеңилислери ҳәм де шежиреси ашиқ жазилған. Орин атлари, ол жердеги жанзатлар ҳәм өсимликлер ҳәр тәреплеме жаритилған. Шиғармада сол дәӯирдиң атақли адамларина әдалатли түрде сипатлама берилгенлиги соншелли, китапти оқиған адам Бабурдиң ой-өрисине, билимине, ониң сәркардалиқ қәбилетине, әдил ҳәм ақиллилиғина қайил қалади. Шиғармада келтирилген бәйитлер, ғәзел, рубайилар болса китаптиң шах безеги сипатинда оқиӯшиниң қәлбинде өшпес из қалдиради. Бул ҳаққинда Бабурдиң өзи төмендегише етип жазади:
Бу олам аро ажаб аламлар кўрдум,
Олам элидин турфа ситамлар кўрдум,
Ҳар ким бу «Вақоеъ»ни ўқур билгайким,
Не ранж–у, меҳнату, не ғамлар кўрдим
Және бир итибарли тәрепи сонда, ҳәзирги шекем бул мемуар шиғарма дүняниң 30 дан артиқ, атап айтқанда-инглис, француз, немец, италян, голланд, парси, урду, рус, япон, түрк, тәжик тиллерине аӯдарма етилген. Бул шиғармадағи жүдә көп актуал экономикалиқ, социаллиқ мәселелер, жоқарида атлари келтирилген ӯәлаятлардиң өзара сиясий-экономикалиқ ҳәм саӯда мүнәсибетлери, географиялиқ тутқан орни, иқлими, өсимлик ҳәм ҳайӯанат дүняси, таӯлари, дәрялари, халиқлари, қәбийле ҳәм елатлари ҳәм де олардиң жасаӯ шараятлари, үрп-әдетлери, әҳмиетли иншаатлари-ҳиндлер ибадатханалари ҳәм мусилманлардиң мешитлери, той ҳәм жерлеӯ мәресимлери ҳаққинда оғада әҳмиетли мағлиӯматлар тарийхий ҳәм мәңгилик мийрас сипатинда дүня алимларин ҳәзирге шекем ҳайран қалдирип келмекте.
Атап өтиӯ керек, Ҳиндистан перзенти Жавоҳарлал Неру «Бабур-дилбар шахс. Ояниӯ дәӯири ҳүкимдариниң ҳақийқий үлгиси есаплнади. Ониң Ҳиндистанға келиӯи арқали Ҳиндистанда улли өзгерислер жүз берди, дөретиӯшиликте, турмиста, архитектурада ҳәм мәденияттиң басқа тараӯларинда жаңаша раӯажланиӯ әмелге асирилди» деп айтқанинда толиқ ҳақ еди.
Ҳар кимки, вафо қилса, вафо топқусидир,
Ҳар кимки, жафо қилса, жафо топқусидир.
Яхши киши кўрмагай ёмонлиқ ҳаргиз,
Ҳар кимки, ёмон бўлса, жазо топқусидир
Уси сияқли қосиқларинда ҳәр дайим адамларди жақсилиққа, әдалат, инсанийлиқ, жоқари инсаний туйғиларди қәдирлеӯге шақирған улли Ўатанласимиз Захриддин Мухаммад Бабур өмири даӯаминда жақсилиқти қәлеп жасади. Қолинан келгенинше адамларға жақсилиқ етти. Енди ғана 47 жасти қарсилаған, әйне күшке толған шағинда өз өмирин перзенти Хумоюнға «садқа» етип жиберди. Бирақ, өткен тарийх бетинде әдалатли шах ҳәм улли шайир өзиниң мәлим ҳәм атақли шиғармалари менен тарийх жазиӯшиси, лирик шайир ҳәм де социаллиқ мәселелер шешимине өз үлесин қосқан алим сипатинда өшпес из қалдирған тулғалардан бири болип қалди. Кеӯлине жариқ мақсет түйген инсанларға, әсиресе жасларға улли бабакаланимиздиң батирлиқ, пидайилиқ, елсүйиӯшилик ҳәм шаңарағина, әӯладларина ақибетлилик, жан пидалиғи ҳәмийше өрнек болади.
Гулноза ТУРҒУНБОЕВА,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
