Басқариӯда тәжирийбе, көнликпе, шеберлик, билим, ақил ҳәм өзин тутиӯдиң роли үлкен. Бирақ, ең әӯэле басқариӯ-исскуство, және де аниғирақ айтқанда дөретиӯшилик. Басшиға да көркем өнер иесине тән болған талант ҳәм қәбилет зәрүр.

Инсаният тарийхи басқариӯдиң түрли формалари жүзеге келиӯи ҳәм бул ӯазийпа жетилисип бариӯи менен белгиленеди. Мийнет қурали шоқмардан, бирден-бир қайғиси қарин тойдириӯдан ибарат болған ең алғашқи дүзимдеги адамларға да кимдур басшилиқ еткен. Узақ өтмиштеги бабаларимиз өз қәӯим жетекшисин жолбасши сипатинда тән алип, ониң иқтиярина бойсинған. Неше миң жиллиқ тарийх тәжирийбеси сони көрсетеди, жәмиет турмисиниң барлиқ жөнелислери тиккелей ямаса басқалар арқали болсин, лекин басқарилиӯи шәрт.

Басқариӯ психологиясинда тийкарғи түсиниклерден бири ониң субъэкти ҳәм объэкти есапланади. Тиккелей басқариӯ процессин көз алдимизға келтиретуғин болсақ, ониң субъэкти сипатинда басшини, объэкт тәрзинде болса хизметкер ҳәм мийнет жәмәәтин ойимизға келтириӯимиз мүмкин. Басшиниң кәсиплик қәлиплесиӯи, өзин-өзи басқариӯ көнликпелерин иелеӯи шөлкем ҳәм хизметкерлер басқариӯдағи тийкарғи темалардан бирине айланади. Жоқаридағи пикирлерден келип шиққан ҳалда, басқариӯ психологиясиниң предмети сипатинда басқариӯ процессиндеги инсан хизмети қабил етилген.

Инсан минез-қулқин түсиниӯ ҳәм басқариӯ ушин шахс тәбияти ҳаққинда белгили бир бир мағлиӯматқа ие болиӯи зәрүр. Жәмәәтте шахс өзгелер менен байланисқа кирисер екен, ол түрли социаллиқ топарлар жумисина қатнасади. Уси мүнәсибет пенен шахс ағза болған топар ҳәм жәмәәтлерге тән болған психологиялиқ низамларди да анализ етиӯ зәрүрлиги пайда болади.

Басқариӯ процессин психологиялиқ анализ етиӯ мәселеси, ең әӯэле, басши жумисиниң жетилистирилиӯин өз алдина мақсет етип қояди. Буни әмелге асириӯ ушин басшиға қойилған талаплар, оларди басқариӯға мейиллик ҳәм басқариӯди толиқ әмелге асириӯға тосқинлиқ етиӯши шахс сипатларин үйрениӯ зәрүрлиги пайда болади.

Мәлим болғаниндай, басқариӯдиң көплеген тараӯларда нәтийжели басшилиқ етиӯди тәмийинлеӯши шахс сипатларин аниқлаӯға байланисли қатар излениӯлер алип барилған. Атап айтқанда, өткен әсирдиң 50-жилларинда ҳәр қандай тараӯда шебер басши болиӯға тийисли сипатламалар темасинда жүзден артиқ изленислер өткерилди. Нәтийжеде басқариӯди мүнәсип алип бариӯши барлиқ басшиларға тән пазийлетлер улиӯмаластирилғанда тек ғана 5 процент сипатлар көзге тасланади. Яғний, ақил менен қурамали ҳәм қийин машқалаларди шешиӯ қәбилети орташадан жоқари, бирақ жүдә жоқари болмаӯи шәрт; баслама, ҳәрекетке зәрүрликти аниқлаӯ ҳәм усиған байланисли қәбилетке ие болиӯ; өзине исеним, өз шеберлиги ҳәм умтилисларин жоқари баҳалаӯ. Лекин, көплеп излениӯшилер диққат-итибариндағи тийкарғи сипатламалардан бири басши шахсина тән доминант (ҳүкимранлиқ, үстинлик)лиққа умитилиӯда. Әйне уси сипатлама басшиниң басламани өз қолина алиӯға, топарда жетекшилик етиӯге ҳәм қийин жағдайларда жуӯапкершиликти өз мойнина алиӯға тийкар жаратади.

Басқариӯ психологиясиниң және бир әҳмиетли тәрепи хизметкерлер типологияси. Жәмәәттеги ҳәр бир хизметкер өз умтилиси ҳәм мақсетлерине ие. Шөлкемлестириӯ, жәмәәтти басқариӯ, ең дәслеп, ониң қурам бөлеги болған хизметкерлердиң өзгешеликлерин есапқа алиӯди талап етеди. Шахстиң өзине тәнлиги болса көп себеплер тәсиринде қәлиплеседи. Бул себеплер қатаринда жас дәӯири, шаңарақтағи орталиқ, ҳәттеки генетикалиқ белгилер де өз орнина ие. Жәмәәтте түрли характерли хизметкерлер бир мақсет жолинда бирлеседи ҳәм басшиниң тийкарғи ӯазийпаси уси ҳәр түрлиликти бир бағдарда бирлестириӯлен ибарат.

Басқариӯ психологиясинда хизметкерлер типологияси басқа да қатар себеплер бойинша әмелге асирилиӯи мүмкин. Усилардан бири темперамент типлерине байланисли ажиратиӯ. Темперамент бас мийдеги қозғалиӯ ҳәм тормозланиӯ процессиниң өзара мүнәсибетлеринен келип шиғатуғин қәсиет сипатинда түсинилер екен, барлиқ излениӯшилер ониң туӯма екенлиги ҳәм инсанниң көбинесе жумисиниң нәтийжелерине тәсир етиӯши себеп сипатинда қатнасиӯин атап өтеди. Себеби, басқариӯда хизметкердиң белгили бир темпераментке киретуғинлиғин билиӯ ониң тапсирилған ӯазийпани неге тап уси тәризде оринлап атирғанин түсиниӯге жәрдем береди, гези келгенде болса әйне оған мас келетуғин ӯазийпани жүклеӯ имканин береди.

Шахс темперамент типологиясин билиӯ жумис барисин ақилға муӯапиқ шөлкемлестириӯ, ӯазийпаларди хизметкерлер имканияти ҳәм характерине қарап бөлистириӯ, жәмәәттеги саламат орталиқти сақлаӯ имканин жаратади. Мәселен, анализлеӯ арқали ис жүргизиӯге сангвиник ҳәм плегматик типлери тәбиятина бола мейил болади. Холерик яки мелонхолик темпераментине киретуғин инсанлар болса өзиниң эмоционал салмақлилиғин ишки зориғиӯ есабинан тәмийинлеп туриӯи лазим. Шахстиң темперамент типин билиӯ оған тән болған сипатларди тереңирек аниқлаӯға ҳәм өзин-өзи нәтийжели басқариӯ имканиятин береди, күтилмеген жағдайларда оринсиз ис-ҳәрекетлерден өзин шетке алиӯ ҳәм ишки қадағалаӯди тәмийинлейди.

Хизметкерлерге мотивация бериӯ басқариӯ психологиясинда үлкен орин иелейтуғин темалардан бири. Басқариӯ тараӯина байланисли мотивация-хизметкер яки мийнет жәмәәтин шөлкем мақсетине қарай жумисқа тартиӯ мәнисин аңлатади. Сол мәнисте, мотивацияниң еки түри париқланади. Яғний, сиртқи мотивация-хизметкерлерди жумисқа тартиӯ ҳәм жумисқа үндеӯ мақсетинде шөлкем тәрепинен әмелге асирилатуғн илажлар ҳәм де ишки мотивация-шахстиң белгили бир бағдар бойинша жумисин тәмийинлейтуғин өз қәлеӯи, талаби ҳәм мәплери есапланади. Әлбетте, нәтийжели басқариӯ әмелияти көз-қарасинан алип қарағанда мотивацияниң екинши формаси бир қанша пайдали ҳәм оптимал көриниске ие.

Жаңаланип атирған Өзбекстанда ишки ислер тараӯинда бир қатар түпкиликли реформалар әмелге асирилмақта. Ишки ислер органлари хизметкери кәсиплик хизметиниң қурамали өзине тәнлиги ониң сиясий қәбилети, низамшилиқти терең билиӯи, илажларди әмелге асириӯ көнликпеси ҳәм тәжирийбесине ие екенлиги, қағийдабузар шахслар ҳәрекетин алдинннан сезиӯшеңлиги, кәсип жуӯапкершилиги менен түсиндириледи. Уси тәрептен ишки ислер органлари системасинда басқариӯди нәтийжели шөлкемлестириӯ айриқша орин иелейди.

Хизметкерлердиң кәсибине тән жуӯапкершиликти тәмийинлеӯши сипатлари-кәсиплик жумисинда түрли жағдайларда басламашилиқ, батирлиқ, шидамлилиқ, бир сөзлилик, ғайратлилиқ, итибарли болиӯ ҳәм мақсетке умтилиӯшилиқ сияқли социал-психологиялиқ сипатлари басшиниң басқариӯ шеберлиги арқали қәлиплеседи. Басши тек ғана басқариӯ ӯазийпасин оринлаӯ менен шекленбестен, сондай-ақ, жәмәәт ағзалари менен нәтийжели байланис орнатиӯ ҳәм тәсир өткериӯди де тәмийинлеӯи керек. Буниң ушин басшиниң психолгиялиқ көнликпелери, руӯхий ҳалати ҳәм жеке сипатлар үлкен әҳмиетке ие.

Бүгин тараӯда психологиялиқ тәмийинлеӯ топари психологлари тәрепинен «Басқариӯ көнликпелерин раӯажландириӯ», «Қарарлар қабил етиӯ», «Басши байланисиниң эффектив технологиялари» сияқли темаларда тренинглер алип барилмақта. Себеби, ишки ислер органлари тараӯинда басқариӯ психологиясина байланисли тренинг шиниғиӯлардиң орни ҳәм әҳмиети үлкен. Олар хизметкерлерге психологиялиқ таярлиғин беккемлеӯ, жәмәәт пенен нәтийжели байланис орнатиӯ ҳәм стресс жағдайларинда дурис қарар қабил етиӯ имканин береди. Нәтийжеде, ишки ислер тараӯинда хизмет көрсетиӯ сипатин арттириӯ, хизметкерлердиң руӯхий саламатлиғин сақлаӯ ҳәм жәмәәтте турақлилиқти тәмийинлеӯге жәрдем береди. Сониң ушин басқариӯ психологияси бойинша турақи тренинглер шөлкемлестириӯ ҳәм оларди жетилистирип бариӯ әҳмиетли ӯазийпа есапланади.

Мавлуда ОРЗИЕВА,

Наўайи ўәлаяти ИИБ РАИ ҳәм КМТХ психологиялиқ тәмийинлеў топари аға бас психологи, капитан.