Ишки ислер тараӯиндағи өзгерислердиң әмелий нәтийжесин халқимиз өзиниң күнделик турмисинда ҳәр дайим сезиӯи, сезиниӯи шәрт.

Шавкат МИРЗИЁЕВ

БИЙБАҲА БАЙЛИҚ

...Ерте таң. Алтин гүздиң көриниси өзгеше. Пайтахит ҳәр дайимғидай ғала-ғаӯир, адамлар тап қумирсқалардай қаяққадур асиғади. Мәҳәлле кеңсесинде баслиқ Қадир аға, профилактика инспектори Нозимжон бүгинги ис-режелерин мәсләҳәтлесип атир еди. Олар биринши нәӯбетте еки тинишсиз шаңарақти келисимге келтириӯ лазим деген шешимге келди. Дурис, шаңарақ Ӯатан ишиндеги киши ӯатан, ониң тинишлиғи журт тинишлиғина байланисли.

Халқимизда «Тинишлиқ пенен ел көгерер, жамғир менен жер көгерер» деген нақил бар. Ҳақийқатинда да, инсанларға тинишлиқтан көре татли, әзиз инам жоқ. Журт тинишсиз болса, той-тамаша, қуӯаниш, ойин-күлки татимайди. «Инам қәдири жоғалғанда билинеди» дейди. Ҳәзирги күнде дүняниң түрли аймақларинда өзара келиспеӯшилик, урислар ақибетинде қаншадан-қанша адамлар жәбир шегип атирғанина гүӯа болип атирмиз.

 

Елдиң дәрт-тәшиӯишинде

Улли бабамиз Әлийшер Наӯайи төмендеги мәлим ҳәм атақли байитин еслейик

Нафъинг агар халққа бешакдурур,

Билки, бу нафъ ўзунга кўпракдурур.

Бул: «Егер халиққа пайдаң тийсе, билип қой, буниң өзиңэ пайдаси көбирек»-дегени. Ҳақийқатинда да, бүгинги күнде ишки ислер органларинда халиқ дәрти тәшиӯиши менен жасайтуғин, халиқшил хизметкерлер хизмет етпекте. Мәмлекетимизде Президентимиз басшилиғинда ишки ислер органлари жумисин пүткиллей жаңа, заманагөй дәрежеге көтериӯ, тараӯ хизметкерлериниң халиқ пенен турақли байланиси ҳәм бирге ислесиӯин және де беккемлеӯ, тараӯди халиқшил дүзилмеге айландириӯ бойинша түпкиликли реформалар әмелге асирилмақта.

Атап айтқанда, «Абат ҳәм қәӯипсиз мәҳәлле» принципин әмелиятқа енгизиӯ шеңберинде халиқтиң арасинда жинаяцҳилиққа қарата келисимсизлик сезимин күшейтиӯ илажлари көрилип атирғани ҳәм де жинаятишилиқти «мәҳәллебай» тийкаринда жилаӯлаӯ механизми жаратилғани унамли нәтийже бермекте. Соңғи жилларда бәрше мәҳәллелерде қәӯипсиз, тиниш ҳәм қәтержам орталиқ жаратиӯ илажлари көрилип атирғани аймақларда алдиңғи тәжирийбе ҳәм әмелиятлардиң жолға қойилип атирғанин айириқша атап өтиӯ лазим.

Профилактика, Патрул-пост ҳәм Пробация тараӯи хизметкерлериниң жумисина заманагөй санли технологиялар ҳәм техникалиқ қуралларди кең түрде енгизиӯ, олардиң билим дәрежесин асириӯ арқали аймақларда қәӯипсиз орталиқти жаратиӯ бойинша комплекс ис-илажлар өткерилмекте. Әсиресе, ҳуқиқбузарлиққа қол уриӯи яки оннан жәбирлениӯи мүмкин болған пуқараларди профилактика инспекторлари өз ӯақтинда аниқлаӯи ҳәм пайда болған машқалаларди «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен унамли шешилиӯи ушин жәмиетлик профилактика системаси ҳәм ониң социаллиқ-ҳуқиқий механизмлери жаратилди.

Сондай-ақ, жинаятишилиққа қарси гүресиӯ, жәмиетке қәӯипли қилмисларди паш етиӯ ҳәм ҳуқиқбузарлиқлардиң ерте алдин алиӯ бойинша қатнасиқлар түптен өзгертилди. Тараӯдағи ҳәр бир басши ҳәм хизметкердиң күнделикли хизмет барисинда цифра ҳәм процентлер артинан қуӯиӯ емес, бәлким пуқаралардиң ҳақ-ҳуқиқларин әмелде қорғаӯ биринши гезектеги ӯазийпаға айланбақта.

Тараӯ хизметкерлериниң абирой-итибарин, ҳүрметин, имижини арттириӯ, олардиң жуӯапкершилиги ҳәм кәсиплик қәбилетин жоқарилатиӯ бойинша да қатар унамли нәтийжелер қолға киргизилди. Жинаяцҳилиқтиң жаңа көринислерине қарси гүресиӯ ушин оларда зәрүр көнликпелер қәлиплестирип келинбекте. Тараӯди толиқ санластириӯ бағдаринда әҳмиетли қәдемлер қойилди.

Жинаяцҳилиқ ҳәм ҳуқиқбузарлиқлардиң ерте алдин алиӯ, жәмиет тәртиби ҳәм халиқтиң қәӯипсизлигин тәмийинлеӯге қаратилған еки басқиштағи «Қәӯипсиз ҳәм саламат журт» оператив-профилактика айлиғи өткерилип, алди алиниӯи лазим болған жинаятлардиң 39 процентке кемейиӯине ерисилди. Аймақларда республика ҳуқиқ қорғаӯ уйимлари басшилариниң көшпели қабиллаӯлари, халиқ пенен тиккелей уширасиӯлари турақли өткерилип барилмақта.

 

Инсан келбетиндеги улли туйғи

Ӯатансүйиӯшилик инсанниң ата-бабаларина, ар-намисина, миллетине терең ҳүрмети, ҳүжданина, миннетине садиқлиғинда көринеди. Және ол инсан келбетине қосип жаратилған улли туйғи сипатинда өзликкке садиқлиқтан күш алади, жетилиседи. Бүгин Жаңа Өзбекстан қуриӯди мақсет еткен халқимиз усиндай әжайип туйғилар менен жариқ мәнзиллерге умтилмақта. Өз тәғдирин журт тәғдирине сибайлас деп билген ӯатанласларимиз бул туйғидан күш-қуӯат алмақта.

Уси елдиң перзенти болған ишки ислер органлари хизметкерлери журт тинишлиғи, раӯажи ҳәм абаданлиғи жолинда бар билим ҳәм де қәбилетин жумсап келмекте. Олар Ӯатан тинишлиғи, халиқтиң қәтержамлиғи жолинда жанин пидә етиӯге де таяр.

Бүгинги күнде ишки ислер органлари өзине жүклетилген ӯазийпаларди оринлаӯға турарлиқ, руӯхий жетик, физикалиқ жақтан шиниққан, маман хизметкерлер менен толтириӯ илажлари көрилмекте.

Әсиресе, тараӯ хизметкерлери ортасинда «Ең жақси аймақлиқ ишки ислер органлари баслиғи», «Ең жақси эксперт-криминалист», «Ең жақси тергеӯши», «Ең жақси профилактика инспектори», «Ең жақси оператив хизметкер», «Тумарис избасарлари», «Ең жақси устаз», «Ең жақси нураний хизметкер», «Ең жақси руӯхий-ағартиӯшилиқ жумислар үгит-нәсиятлаӯшиси», «Ең жақси китапқумар» сияқли онлаған таңлаӯлар турақли рәӯиште өткерип келинбекте. Уси таңлаӯларда жилдан-жилға өз кәсибиниң шебер усталари аниқланбақта.

 

Жоқари руӯхийлиқ, жоқари кәсиплик шеберлиги

Барлиқ тараӯларда болғани сияқли ишки ислер тараӯинда да жоқари маманлиққа ие, заманагөй пикирлейтуғин, өз ӯазийпасина, Ӯатанина ҳәм халқимизға садиқ болған кадрлар реформалар тәғдирин белилеп береди. Сол мәнисте, мәмлекетимиз өз раӯажланиӯин шешиӯши басқишина көтерилип атирған бүгинги шараятта ҳәр бир хизметкерден жетерли билимге ие болиӯ, сөйлесиӯ ҳәм мәмиле мәдениятин арттириӯ, ҳәр қандай қийин жағдайда да дурис қарар қабил етип, жуӯапкершилигиндеги ӯазийпаларди шин кеӯилден атқариӯ ушин өз үстинде тинимсиз ислеӯ талап етиледи.

Кәсиплик мәденият ҳәм хизмет интизами кодексинде тараӯ хизметкерлерине қойилатуғин тийкарғи талаплар қатаринда мәмиле мәдениятина әмел етиӯ, мүрәжат еткен шахсти итибар менен тиңлаӯ, қопаллиқ пенен бийпәрӯалиққа келисимсиз мүнәсибетте болиӯ, ҳалатқа қалис ҳәм ҳүжданийлиқ пенен қатнаста болиӯ арқали жеке үлги көрсетиӯи лазимлиғи да белгиленген.

 

Бир сөз бенен айтқанда, өз кәсибин жақси көретуғин, хизмет ӯазийпасина садиқ, ел тинишлиғи, халиқ мәпи ушин хизмет етиӯди жоқари мақсети деп билетуғин шин мәнистеги хизметкерлер ишки ислер органлари жуӯапкершилигине жүклетилген жумисларди нәтийжели, мақтаниш пенен оринлаӯда шешиӯши әҳмиетке ие. Бундайлар болса тараӯда көпшиликти қурайди.

 

Азизжон ФАЙЗИЕВ,

 подполковник.

Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.