Руӯхийлиқ ҳәм ағартиӯшилиқ сабағи

Инсан материаллиқ қийиншилиқларға шидаӯи мүмкин, лекин наҳақлиқ, әдалацизлиқ, ар-намиси кемситилиӯине шидай алмайди. Сонлиқтан да, халқимиз тәрепинен «қарнима емес, қәдириме жилайман» деген мәнили нақил пайда етилген. Лекин, әйне пайитта қәдир-қимбатти материаллиқтан пүткиллей ажиратқан ҳалда көз алдимизға келтирип болмайди.

Сонлиқтан да, мәмлекетимиз Президенти «Әлбетте, инсан қәдири биз ушин қандайдур улиӯмалиқ, бәлентпәрӯаз түсиник емес. Инсан қәдири дегенде биз ең әӯэле, ҳәр бир пуқараниң тиниш ҳәм қәӯипсиз өмир кешириӯин, ониң фундаментал ҳукиқ ҳәм еркинликлерин тәмийинлеӯди нәзерде тутамиз. Инсан қәдири дегенде, биз ҳәр бир пуқара ушин мүнәсип турмис шараяти ҳәм заманагөй инфрадүзилмени пайда етиӯ, жетик медициналиқ хизмет көрсетиӯ, сипатли тәлим, социаллиқ қорғаӯ, саламат экологиялиқ орталиқ жаратип бериӯди түсинемиз»-деген еди.     

Бүгинги күнде инсанниң қәдир-қимбати, ҳуқиқлари, еркинликлери ҳәм низамли мәплерин тәмийинлеӯ мәмлекетимиздиң басли ӯазийпасина айланди. «Инсан қәдири-ушин» деген турмислиқ идея тийкаринда «халиқ мәмлекетлик органларға емес, мәмлекетлик органлар халиққа хизмет етиӯи керек» деген принцип енгизилди.

Әйне уси талаптан келип шиғип соңғи жилларда жәмиет турмисиниң барлиқ тараӯларинда түптен реформалар әмелге асирилмақта. Жаңа Өзбекстан инсан ар-намиси ҳәм қәдир-қимбати жоқари қәдирият есапланған мәмлекет болиӯи ушин барлиқ зәрүр илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, ишки ислер органлари хизметкерлери тиниш ҳәм қәӯипсиз турмис кешириӯди тәмийинлеӯ жолинда хизмет етпекте. Мәҳәлле жетилиги болса, халиқтиң машқалаларин «үйме-үй» тийкаринда үйренип, шешип келмекте.

Елимизде инсанниң ар-намиси ҳәм қәдир-қимбатиниң қол қатилмаслиғин тәмийинлеӯ, ониң ҳуқиқлари ҳәм низамли мәплерине қайши келетуғин ҳәр қандай ҳәрекетлерге қарси гүресиӯ ең әҳмиетли ӯазийпалар қатарина киреди. Бул бағдарда Олий Мажилис Инсан ҳуқиқлари бойинша ӯәкили, Балалар омбудсмани, Өзбекстан Республикаси Президенти жаниндағи Исбилерменлик субъэктлериниң ҳуқиқлари ҳәм низамли мәплерин қорғаӯ бойинша ӯәкил ҳәм басқа миллий институтлар хизмет көрсетип келмекте.

Буннан билай адамлар тәшӯиши менен жасаӯ, халқимиздиң низамли талап-усинис ҳәм қәлеӯин әмелге асириӯ мәмлекетлик органлар жумисин баҳалаӯдиң ең тийкарғи шәртине айланип бармақта. Белгили бир аймақлар бойинша бәрше әҳмиетли қарарлар халиқтиң қатнасинда қабил етилиӯи керек. Мәмлекет көлеминде болса бул процесске пуқаралиқ жәмиети институтларин тартиӯ халиқшил қарарлар қабил етиӯде жақси нәтийже береди.

Мәмлекетимиз Жаңа редакциядағи Конституциямиздиң кирис бөлиминде Өзбекстан Республикаси инсан ҳуқиқ ҳәм еркинликлерине, миллий ҳәм улиӯма инсанийлик қәдириятларға садиқ екенлигин көрсетилген. Тийкарғи низамимиздан, мәмлекет ҳәкимияти халиқ мәплерин гөзлеп жумисин әмелге асириӯи ҳаққинда қағийда орин алған. Сондай-ақ, инсанниң өмири, еркинлиги, ар-намиси ҳәм қәдир-қимбати жоқари қәдирият екенлиги атап өтилген. Конституцияда мәмлекеттиң социаллиқ тараӯдағи мәжбүриятларина байланисли нормалар 3 есеге көбейди.

Буниң әмелдеги оринланиӯин халиқтиң кем тәмийинленген қатламин социаллиқ қорғаӯ системаси жаратилғанлиғинда көриӯ мүмкин. Кәмбағаллиқти қисқартиӯ бойинша избе-изликте ис-илажлар көрилмекте. Жаңа үй-жайлар, мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириӯ мәкемелери қурилмақта, мәденият ҳәм спорт орайлари жаратилмақта. Журтласларимиздиң жасаӯ тәрзи жақсиланип, турмиси абаданласпақта. Елимизде жоқари технологияли санаат комплекслери, инфрадүзилмелер ҳәм логистика тармақлари, автомобил ҳәм темир жоллар қурилмақта. Туристлик тараӯлари барған сайин раӯажланбақта.

Жазани өтеӯ мәкемелеринен азат етилген шахсларди жәмиетке масластириӯ бойиншада системали жумислар әмелге асирип келинбекте. Олар қайта жинаятқа қол урмаӯи ушин кәсипке оқитилип, жумис пенен тәмийинленбекте, ҳәр бирине социаллиқ жәрдем көрсетилмекте.

Исбилерменлер ушин және де кең имканиятлар жаратилмақта. Жаслардиң заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер иелери, бәркамал болип тәрбия алиӯи ушин зәрүр шаралар көрилмекте. Ҳаял-қизлардиң социаллиқ қорғалиӯи күшеймекте. Әскерий хизметкерлер ҳәм олардиң шаңарақ ағзалари ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатланбақта.

Уси оринда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 19-март күни исбилерменлер менен болип өткен уширасиӯинда киши ҳәм орта бизнести раӯажландириӯдиң басли ӯазийпалари додаланди. Атап айтқанда, 2025-жилдағи басли мақсетлер белгиленди. Уси мақсетлерге ерисиӯ ушин халиқаралиқ экспертлер менен биргеликте комплекс бағдарлама ислеп шиғилди. 2025-жилда они әмелге асириӯ ушин түрли дәреклерден 10 миллиард доллар ажиратиӯ режелестирилген. «Бул жилда киши ҳәм орта бизнеске 120 триллион сум ресурс берип атирмиз. Бундай үлкен қаржи илгери ҳеш қашан болмаған»-деди мәмлекет басшиси.

Журтбасшимиз Өзбекстан халқина Жаңа жил қутлиқлаӯинда «Улиӯмаластирип айтқанда, «Инсан қәдири ушин, инсан бахти ушин!» деген улли мақсетти бәршемиз биргеликте әмелге асирамиз», деген еди. Басши хизметкерлерге ғамхорлиқ еце, маман қәнигелерди қәдирлесе, бул ониң уси үлкен мақсетти әмелге асириӯдағи үлеси болади. Хизметкер де өз нәӯбетинде ҳәр тәреплеме қолай жумис шараятин жаратқан, қол астиндағилардиң социаллиқ қорғалиӯи ҳаққинда қайғирған басшини қәдирлеӯи лазим.

Өзбекстан Қаҳармани, халиқ шайири Абдулла Орипов инсанниң қәдир-қимбати ҳаққинда таӯип жазған еди. Ониң «Изҳор» қосиғиндағи төмендеги қатарларға итибар бериң.Қанша диярларда сейил етип жүрдим,

Қанша мәнзиллерде дүздим ашён.

Ҳәм улли ҳикметке ақир жүз бурдим,

Сий көрген оринда әзиздир инсан.

Журтим, сенде екен несийбем түӯэл,

Сен өзиң мәсканим, сен өзиң шаним.

Сен анам, сен қариндас, яримсаң, әзел,

Эй, жаним, жәҳәним — Өзбекстаним.

Түп дәрегинде «бахит» ҳәм «қәдир» түсиниклери егизек. Ким қәдир тапса, ол өзин бахитли сезеди. Лекин өз Ӯатанинда қәдир таппай, өзге журтларда қәдирленген инсанниң бахти кемтик болади. «Өзге елде султан болғанша, өз елиңде ултан бол» деп бийкарға айтпаған. Сониң ушин ҳәр кимге өз дияринда қәдир табиӯ несип ецин.

                                                                                 

   Бобомурод ТОШЕВ.

 

Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.