Қәнигелердиң пикирине көре, саяхат етиӯ инсан саламатлиғи ушин жүдә пайдали екен. Сониң ушин да, ҳәр бир инсан өз жақинлари, шаңарағи, кәсиплеслери, дослари менен саяхатқа шиғиӯди, умитилмас ӯақитларди басинан өткериӯди шин кеӯилден қәлейди. Әлбетте, бундай кеӯилли күнлер инсанниң пүткил өмири даӯаминда ядинда қалади.
Соңғи жилларда мәмлекетимизде туризм потециалин асириӯ бойинша салмақли жумислар әмелге асирилмақта. Сондай-ақ, туристлер ушин қолай шараятлар жаратиӯ ҳәм Өзбекстанға келиӯи ушин қәӯипсиз мәмлекет сипатиндағи имиджини жаратиӯға қаратилған даӯамли реформалар алип барилмақта.
Атап айтқанда, тараӯға байланисли ҳуқиқий-норматив ҳүжжетлер қабил етилип, әмелиятқа енгизилмекте. Нәтийжеде, елимиз туризм тараӯи миллий экономикамиздиң басли жөнелислеринен бири сипатинда жедел раӯажланбақта. Тараӯға қаратилип атирған айириқша итибар нәтийжесинде тарийхий естеликлеримиз ҳәм басқа диққатқа илайиқ оринларға келиӯши шет ел ҳәм жергиликли туристлер сани жилдан-жилға артип бармақта.
Ҳәр бир мәмлекет туризминиң раӯажланиӯи шет ел валюта ағими, халиқтиң бәнтлигин асириӯ ҳәм де киши ҳәм орта бизнес имканиятлариниң кеңэйиӯи есабинан жалпи ишки өнимниң өсиӯине хизмет етеди. Нәтийжеде болса, инфрадүзилме раӯажланади, жергиликли халиқтиң турмиси жақсиланади. Шет тиллер ҳәм миллий мийрасти билиӯ арқали халиқтиң мәдений саӯатлилиқ дәрежеси жоқарилайди.
Өзбекстанда туризм ҳаққинда сөз барғанда, биринши нәӯбетте, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийӯа сияқли ЮНЕСКО Пүткилдүня мийраси дизиминен орин алған қалалар көз алдимизға келеди. Журтимиздағи ҳәр бир қалани барип көриӯ ушин жүзлеген себеп табиӯ мүмкин. Ташкент, Қоқан, Әндижан, Шахрисабз сияқли қалалар заманагөй түрдеги, лекин өзинде көплеген тарийхий естеликлер жайласқан аймақлар есапланади.
Журтбасшимиз басшилиғинда өткерилген аймақлардиң туризм потенциалин асириӯ, сирт ел инвестиция жойбарларин жеделлестириӯ мәселелериниң додалаӯи бойинша видеоселектор жийналисинда соңғи жилларда мәмлекетимизде туризм хизметлери экспорти 1,6 есеге көбейип, 3 миллиард 500 миллион долларға жеткени атап өтилди. Бул тараӯда 2 миңнан артиқ жаңа исбилерменлик субъэктлери жумис баслади. Өткен жили сирт елден келген туристлердиң сани биринши мәртебе 10 миллионнан асти.
Туризм ҳәм сервис инфрадүзилмесиниң жедел раӯажланиӯи нәтийжесинде соңғи сегиз жилда туризм тараӯина 6 миллиард 500 миллион доллар қаржи ажиратилип, 130 миңлиқ мийманханалиқ оринлар ашилди. Мәмлекетте 20 туризм аӯили жумис алип бармақта. Бостанлиқ раёнинда «Амирсой», «Угам Ривер» курортлари, туризм зоналари шөлкемлестирилди. Паркент раёниндағи «Олтин бел» шоққисинда жаңадан таӯ-шаңғи зонаси шөлкемлестирилмекте. Булардиң бәршеси, атап айтқанда мәмлекетимиздиң тарийхи, мәденияти ҳәм бай тәбияти туристлердиң келиӯин 2-3 мәртебе көбейтиӯи мүмкинлигин көрсетпекте.
Ташкент ӯәлаятиниң Бостанлиқ раёниндағи «Чорвоқ дәрӯазаси» комплекси туризмди раӯажландириӯ ушин нәтийжели оринлардан бири есапланади. Және бир жойбар Яшнабод раёнинда океанариум қуриӯға қаратилған. Жаңа туристлик объэкти 20 гектар майданди иелейди. Ониң қасинда саӯда-мийманхана комплексин қуриӯ режестирилген болип, бул 1,6 миң жумис орнин жаратиӯ имканиятин береди. Сониң менен бирге, Чорвоқ суӯ сақлағиши жағасинда 10 киши зоналарға бөлинген халиқ аралиқ туристлик орайин қуриӯ режелестирилмекте.
Ишки туризмниң раӯажланиӯи нәтийжесинде статистика жергиликли туристлер сани 23 миллион жеткенлигин көрсетпекте. Лекин, елеге шекем басқа ӯәлаятларға саяхатқа бармағанлар көплеп табилади. Сонлиқтан, Президентимиз басламаси менен ҳәр айдиң бир шемби-екшемби күни «Шаңарақ ҳәм жәмәәт пенен саяхатқа шиғиӯ күни», деп жәрияланди.
Тарийхтиң ең әҳмиетли әҳмиети-ол өтимишимизден сабақ берип, улиӯма инсанийлиқ қәдриятлар ҳәм жоқари мәнаӯият тимсалинда жаратиӯшилиқ ҳәм жақсилиққа қарап умтилиӯди, ҳеш қашан жаӯизлиқ пенен мақсетке ерисип болмайтуғинлиғин, ҳәр қандай жағдайда да тарийхий ҳақийқатлиқ пенен қатнаста болиӯди үйретеди. Бул бағдарда журтимизда кең көлемли жумислар әмелге асирилмақта. Атап айтқанда, жаслар ортасинда түрли бағдарларда жарислар өткерилип, жеңимпазларға Өзбекстан бойинша саяхат жолламалари саӯға етилмекте. Бул келешек әӯладтиң саламат болиӯина ҳәм тарийхий тамирларимиз болған естеликлерди өз көзи менен көрип, руӯхий азиқ алиӯина үлкен тийкар болип хизмет етеди.
Сондай-ақ, «Өзбекстанға және бир күн саяхат» бағдарламаси әмелге асирилмақта. Оған көре, ӯәлаятлар аралиқ туризм объэктлерин өзара байланистириӯши «республика туризм айланбаси» ҳәм де раён ҳәм қалалар ортасинда «аймақлиқ туризм айланбалари» шөлкемлестирилмекте. «Төрт пасилдиң ҳәр биринде саяхат» бағдарламаси әмелге асирилмақта. Мәcелен, бәҳәр ҳәм гүз пасилларинда экологиялиқ, экстремал, медициналиқ ҳәм денсаӯлиқти қайта тиклеӯ, жазда суӯ бассейнлери ҳәм дем алиӯ орайлари, қиста экстремал туризм ҳәм таӯ-шаңғи зоналариниң имканиятлари көрсетиледи. Бул туризм мәӯсимлериниң ашилиӯи ушин фестиваллардиң шөлкемлестирилиӯи де туристлер ағимин көбейтеди.
Ишки ҳәм сиртқи туризмди раӯажландириӯ мәмлекеттиң турақли экономикалиқ өсиӯи ҳам социаллиқ трансформациясинда айириқша әҳмиетке ие болип, Өзбекстанниң аймақтағи жетекши туризм бағдариндағи абиройин беккемлейди. Бул бойинша және бир әҳмиетли мәселе туристлер қәӯипсизлигин тәмийинлеӯден ибарат. Ишки ислер министрлиги Транспорт ҳәм туризм объэктлеринде қәӯипсизликти тәмийинлеӯ департаменти тәрепинен алип барилип атирған жумислар негизинде журтимизға келип атирған туристлерге өзлерин қәӯипсиз сезиӯи ушин барлиқ шараятлар жаратилған.
Қәӯипсиз туризмди тәмийинлеӯ бойинша жаратилған система туристлик оринларда ҳәм де туристлер тәрепинен республика бойинша ҳәрекетлениӯ даӯаминда көбирек пайдаланип киятирған темир жол ҳәм ҳаӯа транспорт инфрадүзилмеси объэктлеринде жәмиетлик тәртипти сақлаӯ ҳуқиқбузарлиқлардиң ерте алдин алиӯ ҳәм жинаяцҳилиққа қарси гүресиӯ бойинша ис-илажларди өзинде бирлестиреди.
Туристлик объэктлер аймағинда хизметкерлерге шет ел ҳәм жергиликли саяхацҳилар түрли мәселелерде жәрдем сорап мүрәжат етеди. Кеминде 2-3 шет тилин билетуғин хизметкерлердиң хош мүлайимлиқ пенен өз ӯақтинда көрсетилген әмелий жәрдемлери шеңберинде саяхацҳилардиң жоғалған шижлани ҳәм басқа буйимлари табилип, өз иелерине қайтарилмақта. Бул да хизметкерлердиң ҳуқиқбузарлиқлар профилактикасин тәмийинлеӯ ҳәм жинаяцҳилиқтиң алдин алиӯға қаратилған ис-илажлардиң нәтийжеси есапланади. Буған мүнәсип жуӯап сипатинда саяхацҳилардиң миннетдаршилиқ сөзлери хизмекерлердиң бийминнет жумисина берилген ҳақийқий баҳаси саналади.
Жуӯмақ ретинде айтатуғин болсақ, туризм тараӯин раӯажландириӯ, биринши нәӯбетте, дүня көлеминде журтимиздиң абиройин беккемлейди. Шет ел инвесторлари ушин жаңа имканиятлар ҳәм исенимли бирге ислесиӯ есиклерин ашади. Республикамиздиң макроэкономикалиқ көрсеткишлериниң турақлилиғина, халиқтиң дәраматлари, бәнтлиги ҳәм исбилерменлиги сияқли көрсеткишлердиң жақсиланиӯина түртки берип, хизметлер тараӯиниң және де раӯажланиӯина тийкар болади.
Сарвар СОБИРОВ,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
