Дүнядағи ҳәр қандай мәмлекет, ҳәр қандай халиқ биринши нәӯбетте өзиниң интеллектуал потенциали, жоқари руӯхийлиғи менен қүдиретли. Бундай жеңилмес күш дәреги болса ең әӯэле инсан ой-пикириниң улли жаңалиғи -китап ҳәм китапханаларда.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикаси Президенти
Китаптиң инсан өмири, хизмети ҳәм келешеги ушин әҳмиетиниң шексизлиги ҳаққинда тәрийплеӯлер, пикирлер жүдә көп. Себеби, ол инсан руӯхийлиғи, ой-өриси ҳәм дүня қарасин жетилистириӯши зәрүр дерек болип, китап оқийтуғин адам билими, пикирлеӯи менен басқалардан ажиралип туради.
Қәнигелердиң айтиӯинша, китап оқиӯ нервти тинишландиради, мий хизметин жақсилайди, түскинликке қарси гүресиӯге жәрдем береди, тиңлаӯ, дөретиӯшилик ҳәм пикирлеӯ қәбилетин раӯажландиради. Ең әҳмиетлиси, мақсетти аңлаӯ, қийиншилиқларди жеңиӯге жәрдем береди, инсанди гөззал етип, они жақсилиқ етиӯге умтилдиради. Ҳәттеки, бирге китап оқиӯ ата-ана ҳәм балалардиң өзара мүнәсибетин беккемлейди.
Жоқарида атап өткенимиздей, китап оқиӯ адамди пикирлеӯ, ой жүргизиӯге жетеклейди. Себеби, жәҳән әдебиятиниң көрнекли ӯәкили, Нобел сийлиғиниң лауреати Герман Гессе «Биз өзимизди ҳәм турмисимизди умитиӯ ушин емес, бәлким өмир жилаӯин және де жақсирақ аңлаӯ ушин оқиӯимиз керек», деп бийкарға атап өтпеген. Шиғис данишпанларинан бири болса, «Пикир саған жақси ҳәм жаман әмеллериңди көрсетип туратуғин айнадур» деген.
Пикир ҳәм ойсиз ҳеш бир инсан алдиға илгерлемейди. Сониң ушин журтимизда китап оқиӯди үгит-нәсиятлаӯ, халиқтиң китапқумарлиқ мәдениятин жоқарилатиӯға айириқша итибар қаратилмақта. Әсиресе, мәмлекетимиз басшисиниң 2017-жил 13-сентябрдеги «Китап өнимлерин басип шиғариӯ ҳәм тарқатиӯ тараӯин раӯажландириӯ, китап оқиӯ ҳәм китапқумарлиқ мәдениятин арттириӯ ҳәм де үгит-нәсиятлаӯ бойинша комплекс ис-илажлар ҳаққинда» ғи 2019-жил 7-июндеги «Өзбекстан Республикаси халқина мәлимлеме-китапхана хизметин көрсетиӯди және де жетилистириӯ ҳаққинда» ғи қарарлари бул тараӯди пүткиллей жаңа раӯажланиӯ басқишина өтиӯге ҳуқиқий тийкар болди.
Министрлер Кабинетиниң 2020-жил 14-декабрдеги қарари менен 2020-2025-жилларда китапқумарлиқ мәдениятин раӯажландириӯ ҳәм қоллап-қуӯатлаӯ миллий бағдарламаси қабил етилди. Бағдарламани әмелге асириӯдиң басли бағдарлари сипатинда төмендегилер белгиленди:
– халиқ, ең дәслеп, жаслардиң руӯхий-ағартиӯшилиқ, көркем-эстетикалиқ талапларға жуӯап беретуғин китапларин жоқари сипатта басип шиғариӯ, баспаханалар ҳәм дөретиӯшилер жумисина көмеклесиӯ, балаларға арналған әдебиятларди басип шиғариӯди қоллап-қуӯатлаӯ;
– миллий ҳәм жәҳән әдебиятиниң ең сайланди үлгилерин аӯдармалаӯ, китап оқиӯ мәдениятиң жетилистириӯ, республиканиң алис аймақларинда ҳәм жасқа байланисли китапқумарлиқ мәдениятин раӯажландириӯ;
– китап саӯдасин шөлкемлестириӯдиң тәртиплерин әпиӯайиластириӯ, жаңадан басип шиғарилған китапларди жеткериӯ ҳәм мәлимлеме дәреклерин тарқатиӯ системасин жетилистириӯ;
– китап жеткерип бериӯшилерди заманагөй жәмиетлик талапларға масластириӯ, инфрадүзилмени жақсилаӯ, мәлимлеме-китапхана орайларин баспадан шиғарилатуғин баспа өнимлери ҳәм олардиң электрон нусқалари менен толтирип бариӯ, электрон китаплар жаратиӯ, китапларди санластириӯ ҳәм электрон каталогларди дүзиӯ ҳәм басқишпа-басқиш жаңалап бариӯ;
– халиқтиң китапқумарлиқ дәрежеси ҳәм китапқа қизиғиӯшилиғин системали рәӯиште үйренип бариӯ, китапқумарлиқ мәдениятин раӯажландириӯға қаратилған жойбар ҳәм таңлаӯларди шөлкемлестириӯ, китапханаши кадрлар билимин арттириӯ;
– шет ел шиғармаларина онлайн буйиртпалар бериӯ, оларди республика аймағина алип келиӯ ҳәм тарқатиӯ системасин ҳәм де китапқумарлиқ мәдениятин раӯажландириӯ бойинша халиқ аралиқ бирге ислесиӯди кеңэйтиӯ.
2023-жил 28-ноябрде Президентимиздиң «Жаслар ушин миң китап» жойбарин әмелге асириӯ ис-илажлари ҳаққинда» ғи және бир қарари имзаланди. Қарарда тилге алинған «Жаслар ушин миң китап» жойбари жас әӯладтиң интеллектуал ҳәм илимий қәбилетин арттириӯға көмеклесиӯши дүняға белгили 1000 китапти таңлап алип, өзбек тилине аӯдарма етиӯге қаратилғани менен әҳмиетли, әлбетте. Өткен ӯақит ишинде Жаслар ислери агентлиги жуӯапкерлигинде бул бағдарда итибарға илайиқ жумислар әмелге асирилғанинда айириқша атап өтиӯ оринли.
Сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясинда тийкарғи мақсетлер сипатинда жас китапқумарлар санин бес миллионға жеткизиӯ, ҳәр жили 100 көркем шиғарма ҳәм балалар ҳәм де жас өспиримлер ушин 50 китап шиғариӯ, «Өзбек әдебияти ғәзийнесинен» көп томлиқ ҳәм «Жәҳән балалар әдебияти дүрданалари» 100 томлиғин өзбек тилинде басип шиғариӯ ҳәм де дерлик 40 миллионға жақин китап фондин санластириӯдиң белгиленгени бул тараӯ мәмлекетимиз раӯажланиӯиниң басли мақсетлеринен бири екенлигин айқин көрсетип тур.
Буннан тисқари, ҳәр жили «Бес баслама олимпиадаси» шеңберинде китапқумарлиқ ҳәм интеллектуал ойинлар бағдаринда «Жас китапқумар шаңарақ», «Шайирлар уширасиӯи», «Жас китапқумар», «Зәкаӯат» интеллектуал ойини ҳәм «Ибрат шет тиллери» сияқли 5 жойбар әмелге асирилмақта. Бул жойбарлар жаслардиң китап оқиӯға болған қизиғиӯшилиғин арттирип, интеллектуал ойинлар арқали логикалиқ пикирлеӯ ҳәм билимин дәрежесин кеңэйтиӯге жәрдем бермекте.
Мәмлекетимизде жаслар ортасинда китапқумарлиқти кең үгит-нәсиятлаӯ мақсетинде 2017-жилдан берли дәстүрий тәризде «Жас китапқумар» таңлаӯи өткерилип киятирғани бәршемизге мәлим. Өткен дәӯир ишинде 238 жас китапқумар таңлаӯиниң республика басқишинда қатнасти. Таңлаӯ жеңимпазлари Президент саӯғаси-«Сапрк» ҳәм «Кобалт» автомашиналари менен сийлиқланди. Итибарлиси, таңлаӯда жеңимпаз болған 14 қиздиң 8 и мәмлекетлик сийлиқларға мүнәсип көрилди.
Ишки ислер органлари системасинда да хизметкерлер ортасинда китапқумарлиқти үгит-нәсиятлаӯға айириқша итибар қаратилған. Министрликтиң тийисли буйриғиниң оринланиӯин тәмийинлеӯ мақсетинде хизметкерлердиң руӯхий-интеллектуал қәбилети, ой-санаси ҳәм дүня қарасин кеңэйтиӯ, китапқумарлиқ мәдениятин арттириӯ ҳәм де китап сатип алиӯға қолайлиқ жаратиӯ ушин аймақлиқ ишки ислер органларинда турақли рәӯиште китап ярмаркалари шөлкемлестирилмекте. Китапқумарлиқ таңлаӯлари, викторина ҳәм интеллектуал ойинлар өткерип келинбекте.
Шуҳрат РЎЗИЕВ,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
КИТОБ ОЛИНГ
Отчопардан кимхоб олинг,
Не бўлса ‒ беҳисоб олинг,
Аммо қайтар чоғингизда
Биттагина китоб олинг.
Ўрикзордан кошин олинг,
Сирғалидан мошин олинг,
Жаҳолатнинг бошин олинг,
Биттагина китоб олинг.
Юз минг турлик шароб ‒ сизга,
Палов ‒ сизга, кабоб ‒ сизга,
Оҳ чекурман қараб сизга,
Биттагина китоб олинг!
Сиз улуғсиз қорин билан,
Қази-қарта, норин билан,
Дилга ҳам бир азоб олинг,
Биттагина китоб олинг.
Енг шимариб “хўш” дегайсиз,
Ошу нону гўшт дегайсиз.
Маърифат деб савоб олинг,
Биттагина китоб олинг.
Дўкон қилинг, маркет қилинг,
Уйларни ҳам паркет қилинг,
Сиз ҳам бир изтироб олинг ‒
Биттагина китоб олинг.
Умр ўтар ‒ елиб қолинг,
Юлиб қолинг, олиб қолинг,
Оқар сувдан хитоб олинг,
Биттагина китоб олинг.
Кимлар қолар изингизда,
Тик қаролмай юзингизга?
Аввал ўғил-қизингизга
Биттагина китоб олинг.
Худо хайрингизни берсин,
Яна умрингизни берсин,
Уйингизга офтоб олинг ‒
Биттагина китоб олинг.
Сирожиддин САЙЙИД,
Ўзбекистон халқ шоири
