Руӯхий-ағартиӯшилиқ сабағи

Сана еркинлигиниң белгилеринен бири баслама болип, ол инсанниң өз алдина аниқ мақсет ҳәм ӯазийпалар қойиӯ, они әмелге асириӯ жолиндағи машқалалардиң шешимин табиӯ, ақирина жеткериӯ ушин зәрүр болған усил ҳәм қуралларди белгилеӯде көринеди.

Сана еркинлигиниң син дәрежеси болса еркин пикирлеӯшиниң ӯақия-ҳәдийселерге мүнәсибети, ониң сипатлари, пайдали-пайдасиз тәреплерин ажирата билиӯинде көринеди. Еркин санаға ие болмаған инсан таяр көз-қараслар қарамағина айланади ҳәм оларда сана-сезим өсиӯи өзиниң тәбийғий дәржесинен артта қалади. Сананиң байланисли болип қалиӯи жәмиет раӯажланиӯи, миллеттиң өсип–өниўине тосқинлиқ етеди. Сана өзгермесе турмиста өзгермейди. Сонлиқтан пикирдиң еркинлиги ониң нәтийжели болиӯин тәмийинлейди. Инсан тәрепинен мәлим бир ӯақит ишинде белгили бир тараӯ ушин қимбатли ҳәм жаңа пикирлер, идеялар, усинислар берген, теориялиқ ҳәм әмелий ӯазийпалардиң шешимин билген адамниң санаси пайдали ҳәм нәтийжели болади.

Демек, белгили бир ӯақит ишинде еркин тәризде оринланған жумис көлеми ҳәм сипати сана-сезим еркинлигиниң өлшеми болип хизмет етеди. Себеби, сана еркинлигине ерисиӯ, яғний еркин пикир иелерин тәрбиялаӯ ҳәм қәлиплестириӯ бүгинги миллий раӯажланиӯдиң әҳмиетли руӯхий себеплеринен бири есапланади.

Заманагөй дүня бүгинги күнде үш глобал машқала менен шуғилланади: инсанияттиң цивилизация сипатинда сақланип қалиӯи, инсанди асирап-абайлаӯ ҳәм де они раӯажландириӯ ҳәм тәрбиялаӯ мәселеси. Дүня жаңа әсирге қойиӯи менен заман талаплари, адамлардиң жасаӯ тәрзи, шәрт-шараятлари, ӯақит түсиниги бойинша көз-қараслари, оларди қоршап турған хабар мәкани жаңа басқишқа шиқти. Инсаният әтирапиндағи турмислиқ заңлилиққа және де талапшаңлиқ пенен, аңли ҳәм сана-сезим менен қатнаста бола баслади. Сониң менен бирге, ҳәп заматта өзгерип баратирған заман талаплари инсанияттан мобиллесиӯ, интенсив болиӯ ҳәм интеграцияласиӯ, хабарди қабил етиӯ ҳәм де они жасап турған дәӯиримиз тенденцияларина сәйкес ҳәм қолай етип қайта ислеӯ көнликпесин талап етпекте.

Сергеклик, жуӯапкершилик, өзликти аңлаӯ, идеялиқ гүресшеңлик ҳәр бир азат шахс ҳәм еркин пуқара ушин зәрүр. Бүгинги жаслар түрли мәканларда таралип атирған белгили бир күшлердиң мәплерине хизмет ететуғин ҳәр қийли мазмун-мәнистеги идеялар тәсирин сезинип жасайди. Хабар әсири, қәбилет әсири, интернет әсири, информациялиқ-технологиялар әсири деп аталған әйне бүгинги күнде бундай тәсирлерден жирақ болиӯ актуал машқала есапланади. Солай екен, дәӯир ҳәр бир жастиң пикири ҳәм турақли исеними, еркин санаси ҳәм беккем жигерге ие болиӯин талап етеди. Идеялиқ қәӯиплер күшейген ҳәзирги шараятта миллий сана, миллий өзликти аңлаӯ, миллий руӯхий мийрас қәӯипсизлиги мәселелерине айриқша итибар қаратиӯ зәрүр себеплерден бири болмақта.

Демек, ҳәзирги жаслар не жаман яки не жаман екенлигин ажирата билиӯи дәркар. Яғний, хабарди таңлаӯ ҳәм оннан нәтийжели, дурис пайдаланиӯ инсанниң аңи ҳәм сана-сезиминиң дәрежесине байланисли. Ҳәзирги пайитта жаслардиң интернеттен дурис пайдаланиӯина ерисиӯимиз зәрүр. Мәмлекетимизде Интернет халиқ аралиқ хабар тармағин миллий мағлиӯматлар менен толтириӯ ҳәм бүгинги күнниң ең әҳмиетли ӯазийпаси. Егер биз жасларда хабар алиӯ мәдениятин қәлиплестире алсақ, ҳәр қандай хабар ҳүжимине қарси иммунитетти күшейткен боламиз.

Дүня экономика тармақлариниң өзгериӯи, яғний бул процесслердиң санласиӯи, мобиллесиӯи, тараӯға жасалма интеллекттиң енгизилиӯи менен байланисли әҳмиетли дәӯирди басинан өткермекте. Ҳәзир дүня Жиөниң дерлик шерек бөлеги санли секторға туӯра келиӯи болжаӯ етилип атирған бир заманда жасап атирмиз. Биз бийкардан-бийкар жасалма интеллектти тилге алмадиқ, себеби ол инсан санаси, аңи менен бәсекиге кириспекте. Инсанияттиң өзине тән белгилеринен бири сезим интеллекти-өзимиздеги ҳам басқалардағи сезимлерди түсиниӯ ҳәм басқариӯ қәбилети бар. Туйғилар инсан тәжирийбесиниң тийкарғи тәрепи болип, бизиң мүнәсибетлеримизди, қарар қабил етиӯ бариси ҳәм улиӯма турақлилиғимизди қәлиплестиреди. Бирақ жасалма интеллект сезимлерге бийпариқ болип қалади, инсанниң нәзик сезимлерин түсине алмайди.

Жасалма интеллект системаси және де жетилискен сайин автономия ҳәм жуӯапкершилик пенен байланисли машқалалар биринши оринға шиғади. Бул системаларда сезим түсиниги ҳәм субъэктив пикирлеӯдиң жетиспеӯшилиги күтилмеген ҳалатларға дус келгенде, аянишли ақибетлерге алип келиӯи мүмкин. Буннан тисқари, жуӯапкершилик мәселеси үлкен машқала пайда етеди. Егер жасалма интеллект системаси зиян келтиретуғин қарар қабил еце, жуӯапкершиликти ким мойнина алади? Адамлардан париқли рәӯиште, машиналар тәрбия ӯәкиллиги яки жуӯапкершилик сезимине ие емес, бул олардиң өз ҳәрекетлериниң ақибетлери ушин жуӯапкершиликти қийинластиради. Технологиялиқ раӯажланиӯға умитилиӯда жасалма интеллекттиң интеграциясина ақил менен ҳәм абайли тәризде пикирлеӯ арқали қатнаста болиӯ зәрүр. Жасалма интеллект нәтийжелиликти арттириӯ ҳәм қурамали машқалаларди шешиӯ ушин үлкен потенциалға ие болса да, ол адамди инсанға айландиратуғин таптирмас пазийлетлердиң орнин баса алмайди.

Жасалма интеллекттиң қәӯип-қәтерлери ониң шеклеӯлеринде, ҳақийқий сезимлердиң жоқ екенлиги, инсан ҳәрекетиниң қурамалилиғин аңлай алмаслиғи ҳәм машина шешиминиң надурислиғинда көринеди. Раӯажланип атирған жасалма интеллект ландшафтин аралайтуғин болсақ технологиялардиң абзаллиқларинан пайдаланиӯ ҳәм инсанийлиғимизди белгилейтуғин өзгермес пазийлетлерди сақлап қалиӯ арасиндағи орталиқти сақлаӯ жүдә әҳмиетли.

Және бир айриқша мәселе. ХХИ әсирде социаллиқ тармақлар сол дәрежеде ғалабалиқ түс алди, бул өз гезегинде, ҳәттеки инсан ой-санасина өз тәсирин өткере алатуғин дәрежеге шекем шиғип үлгерди. Ҳәзирги ӯақитта көп санли адамларди зомбиге айландирған социаллиқ тармақлардан узақласа алмаӯ кеселлиги және көбирек зиян келтирмекте. Социаллиқ тармақларға байланип қалиӯшилиқ жақсилиққа алип келмеслиги ҳаққинда көплеген изертлеўлер алип барилған. Америка педиатрлар академияси социаллиқ тармақлардан пайдаланиӯ балалар ҳәм жас өспиримлер денсаӯлиғинда унамсиз ақибетлерге алип келиӯи ҳаққинда ескертеди. Бирақ, бәрше жастағи жаси үлкенлер ушин да әйне усиндай қәӯип бар. Статистик мағлиӯматларға көре, күнине еки сааттан көп ӯақтин социаллиқ тармақларда өткеретуғин жас өспиримлер интернетке 30 минуттан кем сариплайтуғин теңлеслерине қарағанда жалғизлиқтан еки есе көбирек азап шегеди екен.

Сондай-ақ, ҳәр ҳәптеде 58 мәртебе социаллиқ тармақларға киретуғин респондентлер тоғиз мәртебе киретуғинларға қарағанда үш есе көбирек жалғизлиққа мейил болади екен. Бул өз нәӯбетинде олардиң сана-сезимине унамсиз тәсир етпейтуғинлиғина ҳеш ким кепиллик бере алмайди.

Жуӯмақ орнинда атап өтиӯ лазим, инсан хабар пайдаланиӯшиси сипатинда ҳәр қандай зиянли контентлер, бузғинши, жат идеяларға өз санаси менен қарси тура алиӯи лазим.

 

Аброр ПОЁНОВ,

өз хабаршимиз.