Меҳир-ақибет ҳәм мүриўбет сияқли қәдириятларди өзинде сәўлелендиретуғин Наўриз ең әйемги байрамлардан есапланади. Тарийхий мағлиўматларға көре, бул байрам 3 миң жилдан артиқ тарийхқа ие.

Атап айтқанда, Наўриз ҳаққинда «Авесто» да көклем гиялари көгерип, тереклер бүртик жара баслағанда сол әтираптағи қара күшлер жеңилиўи айтилади.

Әлийшер Наўайи күн менен түн теңлескен (Куяш есаби менен 21-март) ўақитти билай тәрийплейди

Юз очиб қад бирла сочи тенг эрканин

Зохир ўғлондек тун-у кун тенглиги Наврўздин.

Омар Хайям «Наврўзнома» шиғармасинда «Қашанки, Ҳамал қасинан өз айланиў дәўири бойлап жолға шиққан күншууўақти аспан және үйине қайтарип келтирсе, ониң бастан пәлек сейилине шиғиўинан баслап әлемди өзгертип жиберетуғин тарийх басланади» деп жазади. Ал–Ҳаким ат–Термизий болса, өзиниң «Наврўзнома» шиғармасинда Наўриз Наўриз байрами сипатламалари барабаринда ониң келиўи ҳәптениң қайси күнлерине туўра келсе, жилдиң қандай келиўи, дийқаншилиқ, саўда–сатиқ ҳәм де басқа тараўларда тәбият ҳәм заманниң келбетин аспан жаритқишлариниң ҳәрекетлери арқали тийкарлап береди.

Абу Райхан Берунийдиң «Әйемги халиқлардан қалған естеликлер», Махмуд Қашғарийдиң «Девони луғат ат–тарийх», Фирдаусийдиң «Шахнама», Абу Бакр Наршахийдиң «Бухара тарийхи» шиғармаларинда да Наўриз ҳаққинда мағлиўматлар көп.

Ислам тарийхина байланисли дереклерде де уси күнге байланисли түсиниклер кең қолланилғанина гүўа боламиз. Мисали, улли уламаларимиз фикҳ китапларинда халқимиздиң дәстүрий ҳәм миллий байрамларин, сол есапта, Наўризди байрам ретинде белгилеўге пәтўа берген. Сонлиқтан, «Фатвои захирия» да бундай делинген: «Наўриз үш түрли: Наўриз Жамшидий, Наўриз Мажусий ҳәм Наўриз Султоний. Наўриз Султонийди белгилеў мақбулдур ҳәм ҳеш динге зияни жоқдур».

Наўриз Жамшидий әпсанаўий шах Жамшид атина барип тақалса, Наўриз Султоний атақли Салжуқий ҳүкимдар Жалолиддин Маликшоҳ ати менен байланисли. Сониң менен бирге, Сасанийлер ҳүкимдари Пируз дәўиринде де трансформация жүзеге келип, байрам Наўриз Пирузий деп аталған. Бирақ, ат өзгериўине қарамастан, тийкарғи мәниси өзгермеген ҳәм бул күн жаңа жилдиң басланиў сәнеси сипатинда белгиленип келинген.

Наўриз байрами Аўғанистан, Албания, Баҳрейн, Иран, Ҳиндистан, Ирак, Азербайжан, Пакистан, Қирғизстан, Қазақстан Сирия, Тәжикстан, Туркия, Түркменстан ҳәм Россия Федерациясиниң айирим аймақларинда кең түрде белгиленеди.

Мәмлекетимизде Наўриз байрами рәсмий түрде 1990-жилдан баслап кең нишанланип келинеди. Сондай-ақ, сол жилдан баслап 21-март күни Наўриз улиўмахалиқлиқ байрам ҳәм дем алис күни сипатинда белгиленди.

Бул байрам 2009-жил 30-сентябрде инсаният мәдений мийрасиниң ажиралмас бөлеги сипатинда ЮНЕСКО тәрепинен улиўма жәҳән материаллиқ емес мәдений мийраслар дизимине киргизилди. Сониң менен бирге, 2010-жил 19-феврал күни БМШ Бас Ассамблеясиниң 64-сессиясинда 21-март «Халиқаралиқ Наўриз күни» деп жәрияланди.

Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, соңғи «Наўриз өзиниң өлмес руўхи, улиўма инсаний идеялари менен халқимиз турмисинан барған сайин терең орин иелемекте». Әлбетте, бул бийкарға емес. Себеби, Наўриз байрами түрли халиқлар ортасиндағи мәдений байланислар ҳәм өзара бирликти беккемлеў, қоңсишилиқ мүнәсибетлер, халиқлар ортасиндағи дослиқти беккемлеўде айриқша әҳмиетке ие.

Уси жилдағи байрам кешелери «Қәдириятлариң мәңги болсин, Наўриз!» деген уран тийкаринда улиўмахалиқ сейиллери түринде жоқари дәрежеде кең нишанланади.

«Наўриз» байраминиң жәмиетлик–сиясий әҳмиетин төмендегилерде көриў мүмкин:

Бириншиден, бул байрам мәмлекецҳилик ҳаққиндағи қарасларди дәслепки белгилерин өзинде сәўлелендиреди. Наўриз тарийхий жақтан ата-бабаларимиз дәстүрлерин улуғлап, қамус түриндеги бир системаға салған, халқимиздиң беккемлениўи ҳәм мәмлекецҳилик түсиниклериниң қәлиплесиў бариси менен терең байланисли.

Екиншиден, Наўриз жер жүзиниң үлкен бөлеги, атап айтқанда Қитайдан Балкан мәмлекетлерине шекем созилған аймақларда жасап киятирған халиқлар тәрепинен бирдей нишанланатуғин байрам. Бул байрамниң турақли ҳәм кең түрде белгилениўи дүняниң бир неше мәмлекетлери ортасиндағи мүнәсибетлерге унамли тәсир етеди.

Үшиншиден, Наўриз әсирлер даўаминда қәлиплескен дәстүр ҳәм қәдириятларди сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериўге үлкен үлес қосади. Бул арқали болса, түрли әўладлар ортасинда өзине тән байланис пайда болади.

Төриншиден, Наўриз улиўмахалиқлиқ байрам сипатинда аўизбиршилик, өзара бирдемлик, меҳир-ақибет сияқли инсаний пазийлетлерди күшейтетуғин ҳәм инсанларди ўатансүйиўшилик, мийнецүйгишлик, тинишлиқ, миллетлер аралиқ татиўлиқ руҳинда тәрбиялаўға хизмет етеди.

Сондай екен, бул байрам өмир бақий қәдириятлар топарина киреди. Бәршемизге жаңаланиў, жасариў әййями-Наўриз мүбарек болсин.

 

 

Шухрат РЎЗИЕВ,

өз хабаршимиз.

 

Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.