Инсан руӯхий дүнясин жетилистирмей турип, халқимиздиң жасаӯ ҳәм турмис дәрежесин асириӯ, жетискенликлерге ерисиӯи мүшкил. Сониң ушин да Жаңа Өзбекстанда әмелге асирилип атирған реформаларди және де тереңлестириӯ, ониң нәтийжелилигин тәмийинлеӯ барисинда жас әӯладти ҳәр тәреплеме жетик, заман талабина толиқ жуӯап беретуғин жоқари маманлиққа ие қәниге, сониң менен бирге, руӯхий ҳәм ағартиӯшилиқ, әдеп-икрам, руӯхий ҳәм физикалиқ тәрептен жетилискен, Ӯатанға, ел-журтқа садиқ инсанлар етип тәрбиялаӯ әхмиетли ӯазийпа сипатинда белгиленди.
Руӯхий жетискенликке ерисиӯде, әлбетте, шахс өз руӯхий дүнясин жетилистириӯи айриқша әҳмиетке ие болади. Себеби, руӯхий дүняси бай болған шахслар мәмлекет аймағинда жасап атирған халиқтиң көпшилик бөлегин қурайтуғин шараятта ғана тинишлиқ, меҳир-муҳаббат, пуқаралар ҳәм миллетлер ортасинда бирлик, аӯизбиршилик киби пазийлетлер беккем болади ҳәм мәмлекет турақли раӯажланип баради.
Биз сондай жәмиетде жасап атирмиз, бунда ҳәр бир шахс, ҳәр бир халиқтан дүня жетискенлиги ерискен барлик руӯхий-мәдений қәдириятларимизди өзлестирген ҳалда, дүня стандартлари дәрежесинде пикирлей алиӯи, өз миллий руӯхий-мәдений мийрасимизди жәҳән көлемине алип шиға билиӯ талап етиледи.
Барлиқ тараӯлар сияқли, ишки ислер органлари жеке қурами ортасинда да руӯхий-ағартиӯшилиқ жумисларди сипат жағинан жаңа дәрежелерге көтериӯ, хизметкерлердиң билим дәрежесин және де жетилистириӯ, мәдениятли, ӯатансүйгиш, өз кәсибине садиқ ҳәм пидайи хизметкерлерди тәрбиялаӯға айириқша итибар қаратилмақта. Хизметкерлердиң руӯхий келбети туӯрилиқ, ҳадаллиқ, ар-намис, жигерлилик ҳәм ӯатансүйиӯшилик сияқли пазийлетлерде сәӯлеленбекте.
Туӯрилиқ ҳәм кемтарлиқ инсан хулқиниң безеӯи. Туӯра жол-ел жолдаси, деп айтилади мақаллардан биринде. Улли бабаларимиз руӯхий мийрасинда да туӯрилиқ, расгөйлик ҳаққинда кең түсиниклер берилген. Олардиң пүткил өмири-хизмети инсанниң руӯхийлиғи, бахит-саадати, халиқтиң тинишлиғи, мәмлекет абаданлиғи, меҳир-мүриӯбет, илим-пән, сәният ҳәм әдебияттиң раӯажина бағишланған.
Ҳадаллиқ-инсанлар ушин руқсат етилген жақси, унамли жумислар, ҳәрекетлер жәмлениӯи болип, мийнет есесине табилған нәрселер есапланади. Ол инсан тәбиятиндағи ең гөззал туйғи сипатинда өзгелердиң меҳир-муҳаббатина ериседи. Улли алим Махмуд аз-Замахшарий бул ҳаққинда төмендегише нәсият етеди: «Ҳадал ҳәм пәкизе киси ҳәр дайим қәтержам тинишлиққа, биреӯге қиянет, жаманлиқ ететуғин киси болса пәлекетке гириптардур». Сониң ушин да ата-бабаларимиз ҳадаллиққа айириқша итибар қаратқан.
Уят-жақсилиқтиң дәлили. Өзиниң оринсиз ис-ҳәрекетинен, қилиғинан уялиӯ тек ғана адамларға тән қәсиет. Журжоний: «Ол нәпсиниң бир нәрседен тартиниӯи ҳәм жаладан арилип, они тәрк етиӯи» деген. Перзентлеримизди ар-намисли етип тәрбиялаӯ миллий тәрбияниң тийкарғи жөнелислеринен бири есапланади.
Намис-инсан руӯхий келбетине тән болған иззет-нәпис, қәдир туйғиларин билдириӯши түсиник. Намисли инсан өзи ҳәм шаңарағи, миллети ҳәм Ӯатанниң иззет-ҳүрметин, қәдирин жоқари тутади. Ол өзин де, өзгелерди де қәдирлей биледи. Инсан намиси өз шаңарағи ҳәм пүткил миллеттиң намисин көрсетеди. Өзгелер қәдир-қимбати, ар-намисин өз қәдир-қимбати, ар-намиси дәрежесинде көретуғин инсан үлкен абиройға ие болади. Ол ҳәмийше әдалат ушин гүреседи, бунда ониң ең тийкарғи жәрдемши ониң пәк ҳүждани есапланади. Намисли инсанлар өзлери ҳәм шаңарағиниң, туӯисқанлариниң, иззет-намиси, қәдири, ҳүрметин жоқари тутип, ониң басқалар тәрепинен аяқ асти етилиӯи, ақиретлениӯи ҳәм ҳүрмецизлик етилиӯине бийпәрӯа қарап тура алмайди.
Ӯатансүйиӯшилик дегенде, ел-журт алдиндағи жуӯапкершилик ҳәм миннетлеме түсиниледи. Ӯатансүйиӯшилик принципи Ӯатан түсинигин пидәкерлик пенен сиңириӯ, белгили бир аймақ ҳәм халиққа муҳаббат сезимлери менен байланисли. Инсан Ӯатан мәпи, қәдир-қимбати, тәғдири ҳәм келешегин қанша көп аңласа, ӯатансүйиӯшилик туйғиси соншелли бәлент болади. Ҳақийқий ӯатансүйиӯшилик миллет, Ӯатан мәпи менен жасаӯ, ониң келешеги, мәпи жолинда хизмет етиӯ ҳәм гүресиӯ. Ӯатансүйиӯшилик белгили бир орталиқ, аймақта ҳәм бар болған руӯхий әдеп-икрамлиқ қәдириятлар тийкаринда қәлиплеседи. Себеби, ӯатансүйиӯшилик узақ тарийхий раӯажланиӯ барисинда қәлиплесетуғин жәмиетлик туйғи. Жасларимизди ӯатансүйиӯшилик руӯхинда тәрбиялаӯ болса ҳеш қашан өз әҳмиетин жоғалтпайтуғин әҳмиетли мәселе есапланади.
Демек, ишки ислер органлари хизметкерлери санасинда ел-журтина жуӯапкерлик туйғиларин сиңдириӯ, оларда хизмет ӯазийпасин оринлаӯ барисинда қатаң турмислиқ исенимин қарар таптириӯ, олардиң Ӯатан ҳәм халиқ тәғдиринде, мәмлекетимиз ҳәм де реформалар талапларина садиқлиғин және де асириӯ айириқша әҳмиетке ие. Руӯхий жетискен, мәдениятли, жуӯапкершиликли хизметкер хизмет интизаминда қатаң әмел етеди. Низам шеңберинен шетке шиқпастан, өз ӯазийпаларин шин кеӯилден оринлайди. Ишки ислер органлари хизметкерлери хизметин тиккелей пуқаралар көз алдинда әмелге асиради, демек, пуқаралар менен сәӯбет даӯаминда еркин ҳәм ашиқ сөзли болиӯ, дәртин еситиӯ, олардиң мүрәжатлари менен ислесиӯде әдалатли болиӯи зәрүр.
Сир емес, кейинги пайитлари хизметкерлердиң хизмет ӯазийпаларин оринлаӯға тосқинлиқ етиӯ, оларға жаман сөзлер айтиӯ, ис-ҳәрекетлерин социаллиқ тармақлар арқали тарқатиӯ менен шантаж етиӯ ҳалатлари да уширасип турипти. Интернет ҳәм социаллиқ тармақларда тинишлиқ сақшиларин абиройсизландириӯ, бир тәреплеме хабарди бөрттирип көрсетиӯ ҳалатлари гүзетилмекте. Бундай шараятларда тараӯ ӯәкиллери ел арасинда абиройға ерисиӯи, өз имижин асириӯ мақсетинде, ең әӯэле жуӯапкершилигиндеги ӯазийпаларди шин кеӯилден оринлаӯи лазим. Ҳәр бир хизметкер пуқаралар менен сәӯбетде әлпайим болиӯи, кәсиплик ҳәм ҳуқиқий билимлерин асириӯ үстинде тинбай излениӯи зәрүр. Сонда ғана белгиленген мақсет ҳәм ӯазийпаларға ерисиледи.
Жуӯмақ орнинда айтиӯ мүмкин, ишки ислер органлари хизметкерлериниң руӯхий бәркамаллиғи, яғний Ӯатан ҳәм халиқ мәплерин ҳәр нәрседен жоқари қойип, хизмет миннетлемесине садиқ қалиӯи, әдеп-икрамлиқ қағийдаларина ҳәм мәмиле мәденияти талапларина, хизмет интизами ҳәм низамларға қатаң әмел етиӯи, сондай-ақ, жас хизметкерлерде уси сияқли пазийлетлерди пайда етиӯде жәмәәттиң орни ҳәм тәсирин және де арттириӯ үлкен әҳмиетке ие.
Азизжон ФАЙЗИЕВ,
подполковник.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
