Мәмлекетимизде алип барилип атирған кең көлемли реформалардиң басли мақсети, инсан факторин ҳәр қашанғидан да жоқари дәрежеге көтериӯ, руӯхий кәмилликти тәмийинлеӯ, жоқари раӯажланиӯға ерисиӯ арқали барлиқ тараӯларда жәҳән көлеминде жетекши оринди иелеӯден ибарат. Солай етип, жаңа дәӯир ҳәр бир инсаннан өзиниң ишки имканиятларин дурис баҳалаӯди, сондай-ақ, психологиялиқ билимлер топлами менен жақинлари ҳәм кәсиплеслериниң руӯхий дүнясин билиӯди талап етпекте. Инсанниң қизғин ҳәм өзгерислерге бай өмири буннан билай оннан психикалиқ ҳәдийселер низамлилиғин билиӯ ҳәм усиған сай тәризде ақилға муӯапиқ ҳәм нәтийжели жумис алип бариӯ зәрүрлигин келтирип шиғармақта.
Өмир жүдә қурамали болип, қуӯанишли, бахитли ӯақитлар, ғам-тәшиӯишли демлери инсан затин не бир жағдайларға салмайди, дейсиз. Заманагөй шәҳәрлер, машақатли турмислиқ жағдайлар, хожалиқтағи, көшедеги ҳәм жумистағи бир-бирине қайши келетуғин руӯхий орталиқлар, шаршаӯ, созилмали кеселликлер, төмен экологиялиқ шараятлар киби бир қатар себеплер инсан минез-қулқиниң өзгериӯине алип келмекте.
Илимпазлардиң пикиринше, адам өз руӯхий дүнясин санали рәӯиште басқарип билсе, биймәлел қан басими, қант элементи ҳәм гормонлар муғдарин қадағалай алиӯи, жүрек уриӯин тәртипке салиӯи, аӯириӯ ҳәм шаршаӯди жеңиӯи, унамсиз жүйке қозиӯинан сақланиӯи мүмкин. Бүгинги күнде инсанлар арасинда күн сайин артип баратирған руӯхий майиплиқ шексиз имканиятларға тосқинлиқ етпекте. Хожалиқ ҳәм жумистағи келиспеӯшиликлер, денсаӯлиқ машқалалари, келиспеӯшиликлер ҳәм ашиӯланиӯ, жумис барисиндағи кери көрсеткишлерге стресстиң тәсири ҳаққинда көп айтамиз.
Стресс – организмниң сиртқи яки ишки себеплерине қарата психофизиологиялиқ жуӯап реакцияси есапланади. Бул түсиник биринши мәртебе канадали физиолог Ганс Селе тәрепинен 1936-жилда илимий қолланиӯға киргизилген болип, ол стрессти организмниң ҳәр қандай талап яки қәӯипке улиӯма адаптациялиқ реакцияси сипатинда тәрийп берген. Заманагөй изертлеӯлер стресстиң психологиялиқ, биологиялиқ ҳәм социаллиқ тәреплерин терң үйренип, ониң инсан саламатлиғи, минез-қулқи ҳәм мийнет өнимдарлиғина тәсирин көрсетеди.
Стресс түрли тийкарлар менен классификацияланади: ӯазийпасина көре, ҳақийқий себепке көре, даӯамийлиғина көре ҳәм тәсир дәрежесине көре. Эмоционал түрине көре, стресс еки тийкарғи түрге ажиратилади: унамли стресс ҳәм унамсиз стресс. Олардиң парқи физиологиялиқ реакциялар, психологиялиқ ҳалат ҳәм нәтийжели даӯамлилиқта көринеди.
Бириншиси, инсанға унамли тәсир ететуғин, ониң ишки ресурсларин активлестиретуғин ҳәм мотивацияни асиратуғин стресс түри. Бул стресс организмди керекли дәрежеде мобилизациялайди, бирақ зориқтирмайди, сергеклик пенен диққат артади, мотивация күшееди, энергия ҳәм дөретиӯшилик артади, қарар қабил етиӯ тезлеседи, искерлик қәбилети жоқари болади. Физиологиялиқ белгилери, адреналин, норадреналин муғдари белгили дәрежеде көтериледи, бас мий қан менен жақси тәмийинленеди, организмде «энергия баланси» омптималласади.
Унамсиз стресс болса организмде физиологиялиқ ҳәм психологиялиқ ресурсларди кемейтип, қәӯэтер ҳәм қорқиӯ, диққат ҳәм еслеӯдиң төменлеӯи, уйқисизлиқ ҳәм шаршаӯ, эмоционал тинишисизлиқ белгилеринде көринеди. Нәтийжеде кортизолдиң узақ мүддетли жоқари дәрежеде сақланиӯина, иммунитеттиң пәсейиӯи ҳәм жүрек-қан тамир системасинда зориғиӯларина себеп болади.
Ҳәр бир кәсипте стресс болиӯи мүмкин, лекин бази бир кәсиплер жоқари стрессли есапланади. Они кемейтиӯ ушин жеке таярлиқ, психологиялиқ усиллар ҳәм социаллиқ қоллап-қуӯатлаӯлар үлкен әҳмиетке ие.
Жоқари стрессли кәсиплер шахстан жоқари эмоционал, психологиялиқ ҳәм физикалиқ аўирлиқ ҳәм де тезлик пенен қарар қабил етиӯ ҳәм жуӯапкершиликти талап етеди. Бундай кәсиплерде хизметкерлер ҳәр дайим айириқша жағдайлар, қәӯип ҳәм узақ жумис кестеси менен жүзбе-жүз келеди. Ҳуқиқ қорғаӯ ҳәм айириқша жағдайлардағи хизметлер, ишки ислер органлари хизметкерлери, арнаӯли хизметлер, әскерийлер, тез жәрдем ҳәм айириқша жағдайларди қадағалаӯши хизметкерлер кәсиплик маманлиқ пенен бирге, стресске шидамлилиқ, руӯхий турақлилиқ ҳәм нәтийжели стрессти жеңиӯ көнликпелерине де ие болиӯи керек.
Бүгинги күнде ишки ислер органларинда хизметкерлердиң руӯхий ҳалати, олардиң хизметке мас екенлиги, стресске шидамлилиғи ҳәм жумисина таярлиғин аниқлаӯ мақсетинде алип барилған излениӯлер сони көрсетеди, жас хизметкерлерде стрессти жеңиӯ ҳәм руӯхий турақлилиқти өсирип бариӯ стратегиялиқ әҳмиетке ие.
Жас хизметкерлерде стрессти жеңиӯ ҳәм руӯхий турақлилиқти сақлаӯда уширайтуғин тийкарғи тосқинлиқлар, психологиялиқ (тәжирийбе, эмоционал басқариӯ, қәӯэтер), шөлкемлестириӯ (жумис жүги, нәӯбецҳиликлер, тәртип-қағийдалар), жәмиетлик (жәмиетке масласиӯ), жеке (өзин-өзи қадағалаӯ, исенимсизлик) себеплер менен байланисли.
Хизметкерлер ҳәр күнги хизмет барисинда психологиялиқ активлик, эмоционал турақлилиқ ҳәм стресске шидамлилиқти сақлап туриӯи зәрүр. Әсиресе, жас хизметкерлер бул процессте көп қийиншилиқларға дус келеди. Илимий изертлеӯлер жәмәәтлик қоллап-қуӯатлаӯдин хизметкерлерде стрессти 40-70 процентке азайтиӯи ҳәм руӯхий турақлилиқти арттириӯ мүмкинлигин көрсетеди.
Уси мүнәсибет пенен жәмәәтлик қоллап-қуӯатлаӯлар ишки ислер органларинда стресске қарси ең күшли, нәтийжели ҳәм узақ мүддетли «қалқан» сипатинда қаралади. Жәмәәтлик стрессти азайтиӯдиң тийкарғи принциплери бирге ислесиӯ ҳәм өзара жәрдем-хизметкерлер арасинда исеним орталиғин қәлиплестириӯ. Сәӯбет ҳәм пикир алмасиӯ-ашиқ сәӯбетлер арқали кийин жағдайларди анализ етиӯ. Қоллап-қуӯатлаӯши орталиқ-эмоцияларди еркин баян етиӯ ҳәм психологиялиқ стрессти жумсартиӯ. Әмелият ҳәм тәжирийбе алмасиӯи-айириқша жағдайларда ҳәрекет етиӯ. Сониң менен бир қатарда, стрессти жеңиӯ ҳәм хизмет барисинда руӯхий турақлилиқти сақлаӯ- ишки ислер органлари ҳәм басқа жоқари стрессли кәсиплерде хизметкерлердиң психологиялиқ ҳәм эмоционал саламатлиғин сақлаӯда тийкарғи себеп есапланади. Бул механизмлер: стресске шидамлилиқти арттиради, хизмет нәтийжелилигин тәмийинлейди, жас хизметкерлерди тезирек масластиради, жәмәәтте исеним ҳәм бирге ислесиӯ орталиғин беккемлейди.
Инсанди стресс пайда ететуғин жағдай емес, турмисқа ҳәм онда жүз беретуғин ҳалатларға таяр болмаӯ ӯайран етеди.
Ҳақийқатинда да руӯхиятқа унамсиз тәсир ететуғин ӯақия-ҳәдийселерден ҳеш ким толиқ кепилленбеген. Солай екен, өмирде машқалалар азирақ болиӯи емес, тәжирийбе көбирек болиӯин қәлең. Инсанлардан идеалликти излемең, оларди баринша қабил етиң. Машқалали жағдайлардиң пайдали тәрепин излең.
Мавлуда ОРЗИЕВА,
Наӯайи ӯәлаяти ИИБ РАИ ҳәм КМТХ аға психологи, капитан.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.