ТИНИШЛИҚ ҚӘДИРИ РЕФОРМАЛАР УЙҒИНЛИҒИНДА
Ҳәмме заманларда да ел-журт тинишлиғин сақлаӯ, қәӯипсизликти тәмийинлеӯ, ҳәр бир инсанниң өмири, денсаӯлиғи ҳәм мал-мүлкин түрли қәӯип-қәтерлерден исенимли қорғаӯ ең әҳмиетли мәселелерден болип келген. Мәмлекетимиз басшисиниң басламаси менен басланған дәслепки реформаларда әйне пуқаралардиң саламатлиғи ҳәм қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ тараӯларинда байланисли болди. Бунда тийкарғи итибар ишки ислер органларин халиққа өз ӯақтинда ҳәм сипатли жәрдем көрсететуғин, ҳәр бир хизметкери тәрепинен халиқ мәплерине хизмет етиӯди өз миннети деп билетуғин социаллиқ бағдарланған профессионал системаға айландириӯға қаратилди. Ишки ислер органлари басшилари тәрепинен пуқаралар менен жақси мүнәсибетте болиӯ, жинаятларди мәҳәллелердиң өзинде додалаӯ, ең шетки аӯилларға барип халиқтиң дәртин тиңлаӯ әмелияти жолға қойилди.
Реформалар нәтийжесинде, биринши нәӯбетте, халиқ мәплерине хизмет ететуғин халиқшил система жаратилди. Өзбекстан Республикаси Президентиниң «Ишки ислер органларин халиқшил профессионал тараӯға айландириӯ ҳәм халиқ пенен және де жақин бирге ислесиӯге бағдарлаӯ бойинша қосимша ис-илажлар ҳаққинда» ғи қарари бул бағдардағи және бир үлкен қәдем болди.
Қарар менен ишки ислер органларин халиқтиң исенимли қорғаӯшиси сипатинда халиқшил профессионал системаға айландириӯ, олардиң пуқаралар, жәмиетлик шөлкемлери ҳәм де кең жәмиецҳилик пенен жақин бирге ислесиӯде, өзара исеним ҳәм аӯизбиршиликте ислесиӯин тәмийинлеӯ, мәҳәллелер, халиқтиң жасаӯ оринлари ҳәм пүткил елимизде низам үстинлиги, тинишлиқти және де беккемлеӯ, бир сөз бенен айтқанда, «инсан қәдири ушин» принципиниң әмелий турмиста толиқ өз сәӯлелениӯин табиӯ мақсетин гөзлейди.
РУӮХИЙ ТУРАҚЛИЛИҚ ДАӮАМЛИ
Ишки ислер органлари хизметкерлериниң заманагөй жүзин пайда етиӯ, олардиң жуӯапкершилиги ҳәм кәсиплик шеберлигин арттириӯ бойинша қатар унамли жумислар исленди. Тинишлиқ сақшиларин хизмет миннетлемесине садиқлиқ, ӯатансүйиӯшилик, ҳадаллиқ руҳинда тәрбиялаӯ, имиджини арттириӯға ерисиӯ министрлик басшилиғиниң турақли диққат итибаринда. Реформалар нәтийжесинде хизметкерлердиң ҳуқиқ ҳәм ӯәкилликлери кеңэйди, әйне пайитта жуӯапкершилиги де көбейди, оларди ҳуқиқий ҳәм социаллиқ жақтан қорғаӯ тийкарлари жаратилди. Бүгинги күнде ишки ислер органлариниң жумисин және де жетилистириӯ мақсетинде жеке қурамди жуӯапкершилигине жүклетилген ӯазийпаларди оринлаӯға илайиқ, руӯхий жетик, физикалиқ жақтан жетилискен, маман хизметкерлер менен толиқтириӯ илажлари көрилмекте.
Ишки ислер органларинда ҳадал ҳәм пәк ӯазийпаларди өзи ушин турмислик қәдирият, жоқари мақсет деп билетуғин ӯатанди сүетуғин хизметкерлер жүдә көп. Әйне усиндай хизметкерлер ҳәм олардиң пидәкерлик хизметлери себепли системада руӯхий турақлилиқ даӯамли.
ҲӘММЕСИ ИНСАН ҚӘДИРИ УШИН
Жинаяцҳилиқтиң жаңа көринислерине қарси гүресиӯ ушин оларда зәрүр көнликпелер қәлиплеспекте. Тараӯди толиқ санластириӯ бағдаринда әҳмиетли қәдемлер қойилди. Басқишпа-басқиш ишки ислер органлариниң таяниш пунктлери негизинде мәҳәлле ҳуқиқ қорғаӯ оринлари шөлкемлестирилмекте.
Мәҳәллелерде жаратилған система-«пуқарабай», «шаңарақбай» ҳәм «мәҳәллебай» ислесиӯ арқали ҳуқиқбузарлиқлардиң социаллиқ профилактикасин тәмийинлеӯ өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, ҳәр бир мәҳәлле, шаңарақ ҳәм шахс кесиминде жинаяцҳилиқтиң себеплерин аниқлаӯ ҳәм оларди сапластириӯ әмелият енгизилди.
Жинаяцҳилиқ ҳалатинан келип шиғип, раён, қала ҳәм мәҳәллелер «қизил», «сари», «жасил» категорияларға ажиратилип, жуӯапкерлер ҳәм жәмиецҳилик пенен биргеликте «жинаят ошақлари»н сапластириӯ ушин бәрше зәрүр күш ҳәм қуралларин тартиӯ арқали мәмлекетимизде тинишлиқ ҳәм турақлилиқти тәмийинлеӯ илажлари көрилип атир.
ХАЛИҚҚА ХИЗМЕТ-ЖОҚАРИ БАХИТ
«Жаңа Өзбекстан ишки ислер органлари» системасин жаратиӯ мақсетинде тараӯди заманагөй билимли, жоқари инсаний ҳәм профессионал қәбилетке ие болған жас кадрлар менен толиқтириӯға айириқша итибар қаратилади. Ишки ислер органларинда Жәмиецҳилик кеңэслери мәмлекет, пуқаралар ҳәм пуқаралиқ жәмиети институтлари менен нәтийжели бирге ислесиӯди жолға қойған ҳалда, ишки ислер органлари жумисин және де жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раӯажландириӯға қаратилған ҳәрекетлер бирлестирмекте. Бул дүзилме заманагөй формадағи системали ҳәм нәтийжели мүнәсибетлерди жолға қойған ҳалда өзара социаллиқ мәплер келисиӯин тәмийинлейди.
Халиқ ишки ислер органлари хизметкерлерин тек ғана профессионал ҳәм маман кәсип иеси емес, балки, мәмиле әдеби ҳәм эстетикасина ие шахс сипатинда көриӯди қәлейди. Социаллиқ тармақларда хизметкерлеримизге қарата билдирилип атирған унамсиз пикир ҳәм критикалардиң көпшилик бөлеги мәмиле әдеби ҳәм эстетикасина тийисли болади. Сонлиқтан, бүгин ишки ислер органлари хизметкерине мәмиле әдеби ҳәм эстетикасин оқитиӯ-турмислиқ талапқа айланди.
Бир сөз бенен айтқанда, тийкарғи мақсет-ишки ислер органларин халиқшил системаға айландириӯ, тараӯда өз келешегине жаңаша қарайтуғин, Ӯатанға ҳәм хизмет миннетлемесине садиқлиқ руӯхинда тәрбияланип атирған, ел-журт хизметине тайин, жүреги жанип, көзлеринен от шақнап турған басламаши ҳәм пидайи кадрларди таярлаӯдан ибарат.
Азизжан ФАЙЗИЕВ,
подполковник.
