Миймандос халиқпиз. Елге ас бериў, пәтиясин алиўға болған умтилиў миллий қәдириятларимиздиң бир бөлегине айланған. Тойларға жеткизсин, ҳәр күниң той болсин, деген тилек ҳәр биримизге бәрқулла жолдас...

Ҳақийқатинда да сондай, той-инсанлардиң не бир арзиўлари, қуўаниши, бахити–шадлиғи менен қосилип кеткен жақси күн. Ониң өзине тән тәртип-қағийдалари, ата-бабалардан мийрас үрп-әдетлери бар. Буни жақси түсинген киси ҳеш қашан кем болмайди. Усиған қарап, өзи, шаңарағи, халқи ҳәм журтина мәп келтиретуғин реже тийкаринда жақси күнин өткереди. Әйне уси тәрепи ониң руўхий дүнясин көрсетиў барабаринда жәмиетти артинан ертиўге де хизмет етеди. Бирақ, кейинги ўақитлари арамизда «той тойдай болсин...», деп пикирлейтуғинлар бул мәресимге түрли «жаңалиқлар» киргизип, әзелий әдетлердиң «байип» баратирғани ҳеш биримизге сир емес. Хош, бүгин уси «баслама» лар бизге қаншелли пайда яки зиян жеткизбекте. Мәселениң ойлап көрилетуғин тәрепи де усинда.

Тойларда исирапгершиликтиң алдин алиў, ким озарлиқти сапластириў, той салтанатларин артиқша сарип–қәрежетлерсиз, иқшам, ширайли өткериў мәселеси ҳәттеки мәмлекет сиясати дәрежесине көтерилгенин жақси билемиз. Олий Мажлис Сенати ҳәм Низамшилиң палатаси Кеңэслери 2019-жил 14-сентябр күни «Той-тамашалар, шаңарақлиқ белгилеў, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумларди еслеўге бағишланған илажлар өткерилиўин тәртипке салиў системасин жетилистириў ҳаққинда» ғи қарарди қабил еткен еди. Низам менен тең юридикалиқ күшке ие болған бул ҳүжжет 1991-жил 1-январдан күшке кирди. Онда шаңарақлиқ илажлар белгиленген қатаң талаплар тийкаринда өтиўи белгилеп қойилған. Атап айтқанда, миллий дәстүрлерге жат, әдеп-икрам нормаларина қайши болған түрли шоуларди, артиқша ўақит ҳәм қәрежет талап ететуғин тойлар, шаңарақлиқ мәресимлерден алдиңғи, илаж даўаминдағи ҳәм оннан кейинги қосимша дәстүрлер («күеў жора», «чорлар», «ата көрди», «сеп қойди», «қуда шақириқ», «күеў шақириқ», «келин шақириқ», «тағара жибериў», «пул шашиў» ҳәм т.б.) өткериўге жол қоймаў белгиленген.

Уси оринда пендемия себепли карантин жәрияланған жағдайди да еске алайиқ. Сол ўақитлари жани көзине көринген адамларимиз билайинша да түрли мәресимлерди қәлеўи менен қисқартқани бар гәп. Лекин, жағдай изине түсиўи менен және өзлигимизди жоғалта басладиқ. Себеби, жақси ниет пенен той баслаған ҳәр қандай адамниң кеўлинде «бир той болсин, даўриғи әлемге жайилсин» деген ой ҳәм арзиў–ҳәўес әзел-әзелден қан-қанимизға сиңип кеткен. Өткен әсирде түсирилген «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» филми қаҳармани Ойпашшаниң бир қозини он қой, деп мақтаниўин бир еслең. Әне уси «ҳәўес» көпшилкти нелерге жетеклемейди дейсиз...

Жәдид бабамиз Маҳмудхожа Беҳбудий буннан бир әсир алдин «Той ҳәм жаназаға сарип етилетуғин ақшаларимизди биз, туранийлар, илим ҳәм дин жолина сарип ецек, европалилардай болип раўажланамиз ҳәм өзимиз-де, динимиз-де абирой ҳәм раўаж табар. Яқ, ҳәзирги ҳалимизда даўам ецек, дин ҳәм дуняға зиллат ҳәм мискинаттан басқа несийбемиз болмайди», деп келешек әўлда тәғдирине қайғирип, пикир билдиргенде қаншелли ҳақ еди. Себеби, өткен жүз жилдан артиқ мүддет ишинде де бул мәресим шеңбериндеги дәбдебепазлиқ қисқариў орнина «заманина сай-да» деген түсиник бериў барған сайин көбейип баратирғанина не дейсиз?

Дереклердемаҳмудхожа Беҳбудий үлкен байлиқ ҳәм лаўазим иеси болиўина қарамастан 1909-жил 15-апрелде Мақсуд Хожа исимли улина сүннет той қилип, 1000 рублден де кем болған пул сариплағани, тойға кететуғин артиқша сарип-қәрежет орнина Самарқанддағи китапханаға Россия ҳәм Туркиядан китаплар сатип алдирғани келтирилген. Бүгин дәбдебели той үлкен аброй деп билгенлер ҳәм сониң ҳәрекетинде желип-жүгирип атирғанлар перзентиниң ертеңги күни, келешеги ҳаққинда қалай етип қайғиради? Әўладтиң даўамшилари дүняға даңқ таратқан жетик алим ямаса әдебияцҳи болиўин, елге, инсаниятқа пайда келтириўин арзиў етерме екен? Ҳәм уси разиў жолинда да тап тойға таярланғандай тирисиўди, қозғалисин көрсете аларма екен. Тилге алған темамизда бул сораўлар астинан нәзер тасласақ, қайси тәреплерине күлип, қайсисина күйинемиз?..

Айтпақши, бүгин хабар-технологиялар раўажланип дәбдебели тойлар видео–фотоларин социаллиқ тармақларға жайластириўдай «әдет»лерди пайда етти. Ондағи байлиқ ҳәм салтанатларди көз-көз етиўши әдетлер жаслар руўхий дүнясина унамсиз тәсир етпеўине исенимиңиз аниқпа? Яқ, әлбетте. Себеби, тойға атақли қосиқшиларди шақирип, тойдиң даўриғин жети мәҳәллеге дәстан етемен дегенлер ҳәм оларға соқирларша ерип атирғанлар қанша. Әзелинде арзиўға айип жоқ. Ҳеш ким қуўанишли күниниң басқалардан кем болиўин қәлемейди. Халқимиз руўхиятиндағи бул қәлеўди, ең қизиғи қосиқшиларда биледи. Ҳәм уси билиўе олардиң дигирманина суў қуйип атирғандай... Неге дегенде, тойлардағи дәбдебелер, қосиқшилардиң баҳаси бүгин көпшиликтиң уси мәселе тез-тез ҳақли тартисиўларға себеп болмақта. Бул мәселе темамиз дәўириндеги үлкен машқала екенлиги ҳақийқат.

Бул жақти әлемде перзентиниң тәғдирине көп қайғиратуғин, жигебенти ушин керек болса, жанин да аямайтуғин инсан ата-ана болади. Ата шаңарақтиң сүениши, исенгени, ол перзентлериниң қәлеўин қәдирлеп оринлайди, бирақ, бул қури арзиў-ҳәўеске берилиў болса-ше. Уси оринда Өзбекстан халиқ шайири Анвар Обиджонниң тойда дәбдебепазлиққа берилип, ақибетинде қандай ҳалға түсип қалған адам ҳаққинда қатарлари ойимиздан өтеди:

Әмеким сондай бир той берип елге

Ертеңине ҳаўаза гәштин сүрер.

Тапқан-тутқанларин суўирип желге

Есик арқасинда бозираип турар.

Ананиң да муштай жүреги, пүткил барлиғи перзенти ушин пида. Бирақ, айрим ўақитлари мәҳәлледе түрлери солип қалған ҳаял, ана өз саламатлиғин тиклеўди артқа қойип, «қудалар алдинда иззе болмаў ушин» қизиниң тойина қимбат баҳали, сарпайлар алиў ушин мисқаллап пул жийнап атирғанин еситип, бийиқтияр руҳқа аўирлиқ шөгеди... Көбинесе, материаллиқ мәпти гөзлеп шаңарақ қурип атирған жаслар ҳеш қанша ўақит өтпестен «минезимиз туўра келмеди» деген ўәж бенен ажирасип кетип атирғани, еки ортада гөдеклер тири жетим болип қалип атирғани ашши ҳақийқат.

Арамизда «қуўаништиң не айиби бар, сизге не тәшиўиш» деп узақти көрместен пикирлейтуғинлар да жоқ емес. Усиндай инсанлар күнделик турмисимизда дәбдебели той ушин алинатуғин қариз хожалиқларға тинишсизлиғина себеп болип атирғанин көрип турған жоқпа? Әсиресе жаңа турмисти баслап атирған жаслар келешек режелерин дүзиў, бахиттан татип көриў орнина түрли кеўилсизликлерге дус келип атирғани байланисли мисаллар көп. Усиған қарамастан, «мол етип өткериў керек» деген пикирге беккем жабисип алип, руўхий жемирилиўлер ҳаққинда ойлаў ядимиздан шиғади. Бул жаслардиң өз орнинда жаси үлкенлердиң материаллиқти биринши оринға қойип, перзент тәрбиясиндай муқаддес миннети алдинда жуўапкершилик сезимин жоғалтиўи емеспе?

Қулласи, тойларимиз ҳаққинда ойларимиз көп, қалаберсе, тинишилқ бермей атирған дәртке уқсайди. Қаншелли они даўаласақ, кеўил қәтержам болади. Бирақ, бул аўириў бир ғана адамниң емес, пүткил жәмиетке тийисли болса-ше ?Оған пүткил ел биргеликте гүресип, шипа излемесе, ол ҳәўиж алип көбейсе көбейип бармақта, ҳасла артқа шегинбейди. Қашан «Той қилсақ, они ел қатари өткеремиз» деймиз. Ағири ел ким? Демек, әдетлердиң жақсиси да, көп қәрежетли болиўи да өзимздики. Келиң, бунда бир-биримизге жақси мәнисте айна болип, қайирли әмеллерге бас болсақ, нур үстине нур болар еди.

Гулноза ТУРҒУНБОЕВА,